Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының гезектеги мәжлисинде «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 11-статьясына қосымша киргизиў ҳаққындағы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Нызам жойбары жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен турақ жай менен тәмийинлеўде усы көшпес мүлклерди олардың атына рәсмийлестириў бойынша нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў процесинде мәмлекетлик бажын төлеўден азат етиўди нәзерде тутады.

Мағлыўмат ушын айтыў керек, әмелдеги нызамға бола, турақ жайлар Ташкент, Нөкис қалаларында ҳәм ўәлаят орайларында жайласқан болса, базалық есаплаў муғдарының 1 есеси, егер басқа елатлы пунктлерде жайласқан болса базалық есаплаў муғдарының 50 проценти муғдарында мәмлекетлик бажы төлениўи белгиленген еди.

«Усы мүнәсибет пенен, нызам жойбарының нотариал ҳәрекетлер әмелге асырылғанда мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиў ҳаққындағы   11-статьясы «жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балалар – оларға мәмлекет тәрепинен екилемши базардан алып берилген турақ жайлар олардың атына рәсмийлестирип берилгени ушын», деген қосымша бәнт пенен толықтырылмақта», делинеди Нызамшылық палатасы хабарында.

Алдынырақ ата-аналардың балаларын нызамға қарсы түрде диний билим алыў процесине тартқаны ушын жәрийма ямаса 15 суткаға шекем ҳәкимшилик қамақ белгилениўи зәрүрлиги ҳаққында хабар берген едик.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги