Санлы технологиялар министри Шерзод Шерматов Қубла Кореяда UNDESA басшысы – БМШ Бас хаткериниӊ орынбасары Ли Сзянхуа менен ушырасыў өткерди.

Ушырасыў алдынан UNDESA басшысы – БМШ Бас хаткериниӊ орынбасары мәмлекетимизде электрон ҳүкимет тараўыныӊ раўажланыў жағдайы, БМШтыӊ электрон ҳүкимет раўажланыў рейтингинде Өзбекстанныӊ орнын арттырыў ҳәм 2030-жылға шекем ТОП-30 мәмлекет қатарына киргизиў бойынша алып барылып атырған системалы реформалар ҳәм ис-ҳәрекетлерди жоқары баҳалады.

Илажда МКТ инфраструктурасын жетилистириў, электрон ҳүкимет рейтингинде Өзбекстанныӊ орнын және де жақсылаў ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиўди даўам етиў, IT тараўында жаслардыӊ орнын және де арттырыў бойынша пикир алысылды.

Сондай-ақ, министр Инчон қаласында Miso Information Technology компаниясыныӊ вице-президенти Нам Сангдо ҳәм атқарыўшы директоры Минг Кенгил менен де ушырасты.

Ушырасыў даўамында компания ўәкиллерине бүгинги күнде IT компаниялары ушын жаратылған салық жеӊилликлери, қолайлы инфраструктура, корейс тилинде жетик сөйлесетуғын IT қәнигелер ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

IT-Парк тәрепинен әне, усы бағдарда сырт елли компаниялар ушын жеӊиллик жаратыў мақсетинде One Stop Shop – компания ашыў ҳәм жумысын жолға қойыў бойынша жәрдем хызмети берилетуғыны атап өтилди.

Ушырасыў соӊында министр Miso Information Technology компаниясыныӊ ўәкиллерин быйылғы жылдыӊ 24-июлинде Ташкент қаласында болатуғын “GBS Forum” ҳәм 18-19-сентябрь күнлери болып өтетуғын ICT Wеек халықаралық илажына мирәт етти.

Н.Раҳмонова,  ӨзА