Усы жылдың 26-30-июнь күнлери Қытай Халық Республикасының Урумчи қаласында ЭКСПО «Қытай-Евроазия» сегизинши халықаралық көргизбеси болып өтеди.

Бул ЭКСПОда ҳүрметли мийман сыпатында Қырғызстан Бас министри, Қазақстан Бас министриниң орынбасары, сондай-ақ, 40 тан аслам сырт елли ҳүкиметлер ўәкиллериниң қатнасыўы күтилмекте.

Бас министр басшылығындағы мәмлекетимиз ҳүкимети делегациясы усы илажда қатнасыў ушын Урумчи қаласына барды.

Бүгин, 25-июнь күни Урумчи қаласына келиў шеңберинде Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов ҳәм Қытай Коммунистлик партиясы Орайлық комитети Сиясий бюросының ағзасы, Синьцзян-Уйғур автономиялық районы Парткомитетиниң хаткери Ма Синжуй басшылығындағы еки тәреплеме ушырасыў өткерилди.

Сондай-ақ, сапар шеңберинде Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң баслығы – Президент администрациясының басшысы Ақылбек Жапаров пенен еки тәреплеме ушырасыў өткерилди.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Садир Жапаров еки мәмлекет ҳүкиметлерине өз-ара қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп берген.

Ҳәзирги ўақытта барлық тараўларда унамлы өсиў динамикасының бақланып, әҳмийетли биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди

Сондай-ақ, Өзбекстан туўысқан Қырғызстан менен барлық тараўлардағы бирге ислесиўди буннан былай да тереңлестириўден мәпдар екени билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги