Өзбекстан Республикасы Президенти «Қари Ниёзий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институтын шөлкемлестириў ҳаққында» қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң Қари Ниёзий атындағы Өзбекстан педагогикалық илимлер илимий-изертлеў институты негизинде Қари Ниёзий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты шөлкемлестириледи.

Қарар менен:

Қари Ниёзий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институтиның тийкарғы ўазыйпалары;

2024-2027-жыллары Қари Ниёзий атындағы Тәрбия педагогикасы миллий институты жумысын жетилистириў бойынша «жол картасы»;

2024-2027-жыллары тәрбия педагогикасы бағдарында илимий-изертлеў жумысларын раўажландарыўдың мақсетли көрсеткишлери тастыйықланды.

2025-2026-оқыў жылынан баслап улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде тәжирийбе-сынақ тәризинде басқышпа-басқыш дүньяда тән алынған социаллық-эмоционал билимлендириў (Social and Emotional Learning – SEL) методикалары енгизиледи.

Социаллық-эмоционал билимлендириў методикаларын енгизиў шеңберинде:

Улыўма орта билимлендириў мәкемелери оқыўшылары 5 социаллық- эмоционал (өз-өзин аңлаў, өз-өзин басқарыў, социаллық хабардар етиў, заманласлары менен мүнәсибетлерди қәлиплестириў ҳәм жуўапкершиликли қарар қабыл етиў) компетенцияларға үйретиледи ҳәм бул процесске ата-аналар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қаратылады.

Тәрбия тараўындағы илимий изертлеўлерди муўапықластырыўшы республикалық кеңеси жумысы шөлкемлестириледи.

2024-2025-оқыў жылынан баслап:

Улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде «Перзент тәрбиясында ата-ананың жуўапкершилиги» темасында тәрбия ҳәптеликлерин өткерип барады;

ата-аналардың перзент тәрбиясы бойынша билимин арттырыўға қаратылған «Үлгили ата-аналар мектеби» жойбары әмелге асырылады;

миллий тәрбияның аймақлық дәстүрлерин үйрениў, тиклеў ҳәм заманагөй руўхый-этикалық тәрбия системасына енгизиўге қаратылған илимий изертлеўлер әмелге асырылады.

2024-жылы 1-декабрьге шекем:

оқыўшыларда «Нызамбузыўшылыққа қарсы иммунитет»ти қәлиплестириўде «мектеп – ата-ана – мәҳәлле» шериклиги шынжырын жаратыў бойынша илимий тийкарланған оқыў ҳәм ғалабалық стилистикалық усыныслар ислеп шығылады;

ата-аналардың перзент тәрбиясына байланыслы дүнья қарасын кеңейтиўге хызмет ететуғын халықшыл тилдеги әдебиятлар жаратылыўы шөлкемлестириледи.

2025-жылдың ақырына шекем ата-аналар, муғаллимлер ҳәм оқыўшылар ушын жаслар тәрбиясына байланыслы санлы контентлерди жайластырыў мақсетинде «milliytarbiya.uz» электрон платформасы ҳәм оның мобиль версиясы ислеп шығылады ҳәм ол заманагөй және қызықлы контентлер менен толтырып барылады.

 

ӨзА