Күни кеше БМШтыӊ инсан ҳуқықларына бағышланған илажларында қатнасып атырған парламент ўәкиллери менен онлайн фотматта ушырасыў болып өтти.

Парламентлераралық аўқам (ПА) басламасы менен шөлкемлестирилген ушырасыўда Мексика, Саудия Арабстаны, Грузия, Пакистан, Өзбекстан парламентлери ўәкиллери, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары бойынша экспертлер қатнасты, деп мәлимлеме береди сенат.уз

Илажда БМШтыӊ инсан ҳуқықлары бойынша делегацияларында қатнасыў тәжирийбеси ҳәм механизмлери, БМШтыӊ Универсал дәўирлик есабаты (УДЕ) на таярлық көриўдиӊ нәтийжели стратегияларына байланыслы мәселелер додаланды. Сондай-ақ, инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша усыныс ҳәм миннетлемелерди әмелге асырыўда парламентлердиӊ роли көрип шығылды.

Сенаттыӊ Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теӊлиги мәселелери комитетинде турақлы тийкарда жумыс ислейтуғын Гулнора Маруфова мәмлекетимизде инсан ҳуқықлары тараўындағы нызамшылықты жетилистириў, атап айтқанда, ҳаял-қызлардыӊ ҳуқықларын кеӊейтиў ҳәм мәплерин қорғаў, сондай-ақ, елимизде гендер теӊлигине ерисиў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда, әмелге асырылып атырған ис-ҳәрекетлер шеӊберинде инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық стандартлар миллий нызамшылық ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятына жедел интеграцияласыўы бақланып атырғаны барлық Өзбекстан халқы ушын қолайлы турмыс шараятына қаратылған демократиялық реформаларды әмелге  асырыўда әҳмийетли орын тутып атырғаны айрықша атап өтилди.

Интерактив сөйлесиўде инсан ҳуқықлары бойынша халықаралық басламалар менен байланыслы стратегиялар ҳәм тәжирийбелер жедел додаланды. Инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўға қаратылған бул басламаларда парламент ағзаларыныӊ жедел қатнасыўы әҳмийетли екенине айрықша итибар қаратылды.

Илаж жуўмақлары бойынша қатнасыўшылар инсан ҳуқықларын беккемлеў ҳәм халықаралық ҳуқық системасын қоллап-қуўатлаў мақсетинде БМШ уйымлары ҳәм басқа халықаралық шериклер менен келешекте бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги