30-июнь “Жаслар күни” мүнәсибети менен шөлкемлестирилип атырған “Жаслар айлығы” шеңберинде жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде орынларда бир қатар илажлар өткерилмекте.
Сондай илажлардың бири бүгин Тақыятас районында “Саламатлық ушын 5000 қәдем” ғалабалық жүриў марафоны ерте таңнан баслап жиберилди. Оған, район ҳәкими Д.Қурбанов, сектор басшылары, кәрхана, мәкеме, шөлкем хызметкерлери ҳәм жаслар қатнасты. Онда, қатнасыўшылар саламат турмыс тәризин беккемлеў мақсетинде азанғы дене шынығыўларын орынлап, спорт инсанның кеўил кейпиятына тәсир ететуғынын және бир мәрте дәлиллеп берди.
Бул акцияны өткериўден тийкарғы мақсет саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў болып есапланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги