Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-июнь күни әмелий сапар менен елимизде болып турған Россия Федерациясы ишки ислер министри Владимир Колокольцевти қабыл етти.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы жақында Дағыстанда пайда болған терроршылық ҳүжими ақыбетинде қайтыс болған ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң шаңарақ ағзаларына кеўил билдирди.

Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң әмелде орынланыўы көрип шығылды.

Терроризм, экстремизм, наркотрафик ҳәм бирлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў, сондай-ақ, киберқәўипсизлик ҳәм санлы экспертиза тараўларындағы бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплери додаланды.

Миграция тараўында бирге ислесиў механизмлериниң нәтийжелилигин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

 

ӨзА