Бас прокуратура жанындағы  Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Тақыятас ҳәм Қоңырат районлары бөлимлери тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында күшли тәсир етиўши дәрилер сатылыўының алды алынды

Атап айтқанда, “N-F.” ҳәм “Д.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлерине қараслы дәриханалардың сатыўшылары пуқаралар Р.Ж. ҳәм Д.С.ларға қурамында күшли тәсир етиўши элементлер болған дәри-дәрмақларды сатқан ўақтында усланды. Усы дәриханалардан жәми 48 дәри айғақлы зат ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги