Бүгин мәмлекетимизде сырт елли бирге ислесиўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳәм еркин жумыс ислеўи ушын жаратылған кең имканиятлар өз нәтийжесин берип келмекте. Фармацевтика  тармағын раўажландырыў агентлигинде Ливанның «Arwan Pharmaceuticals Industries Lebanon s.a.l.” компаниясы президенти менен ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиўлерде компания директоры перспективалы инвестициялық жойбарларды, соның ишинде, биотехнология бағдары бойынша өз пикирин ҳәм режелерин айтып өтти, делинеди Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги мағлыўматында.

Бул процессте олар мәмлекетимизде әҳмийетли инфраструктура ҳәм өндирис базасын жаратыў ушын қәнигелерди кеңнен тартыўға айрықша итибар бериў керек екенлигин атап өтти.

Илаж соңында  «Arwan Pharmaceuticals Industries Lebanon s.a.l.” компаниясы Өзбекстан менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўға таяр екенлигин билдирди.

                                                                                                                               ӨзА