Өзбекстан Республикасы «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги фракциясының 2024-жылға белгиленген биргеликтеги режесине муўапық фракция мәжилиси өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Р.Джумамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзМТДП фракциясы ағзалары, Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси атқарыў комитетиниң аппарат хызметкерлери, депутатлар, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Т.Романов алып барды.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылда жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарламасының орынланыўын тәмийинлеў, әмелге асырылатуғын ўазыйпалар бойынша Қарақалпақстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли ўазыйпалары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасының есабатлары тыңланды.

Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың январь-май айларында жуўапкер министрликлер менен шөлкемлер, қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен республикамыз бойынша жәми 51,7 мың (110%) жаңа жумыс орынлары жаратылып, халықтың бәнтлиги тәмийинленген. Соннан, 32,2 мыңы турақлы, 18,4 мыңы мәўсимлик, 1,1 мыңы ўақытша жумыс орынлары болып есапланады. Усы дәўирде 68,7 мың адам исбилерменликке тартылған. Соннан, өзин-өзи бәнт етиў арқалы 57,7 мың, жеке исбилерменлигин жолға қойыўы арқалы 3,7 мың, исбилерменлик субъектлериниң есабынан 1,6 мың, дийқан хожалықларының есабынан 5,7 мың адамның бәнтлиги тәмийинленген.

Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы тәрепинен азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўы бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылған. Басқарма ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен 3382 азық-аўқат пенен байланыслы кәрханалар, соннан 576 сы азық-аўқат ислеп шығарыў, 881 улыўма аўқатланыў, 1925 азық-аўқат саўда кәрханалары дизимге алынған.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 15-сентябрьдеги “Исбилерменлик субъектлери ушын ҳәкимшилик ҳәм салық жүгин және де азайтыў, бизнестиң нызамлы мәплерин қорғаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы пәрманы ҳәм 2022-жыл 13-сентябрьдеги “Исбилерменлик субъектлери жумысларында тексериўлер өткериўди муўапықластырыў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарары талапларынан келип шығып, Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң “қәўипти анализ етиў” мәлимлеме системасы иске түсирилди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 19-октябрь күнги “Қадағалаўшы уйымлар тәрепинен исбилерменлик субъектлери жумысларында мәмлекетлик қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарына муўапық, бул системаға жоқарыда дизимге алынған азық-аўқат кәрханаларынан қәўипи жоқары 538 “қызыл”, қәўипи орта 882 “сары” ҳәм қәўипи төмен 1157 “жасыл” категорияларға ажыратылып баҳаланған.

2024-жылдың өткен дәўири даўамында 103 азық-аўқат кәрханасында, соннан 19 азық-аўқат ислеп шығарыў, 48 улыўма аўқатланыў, 36 азық-аўқат саўда орнында ўәкилликли орган – Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилди хабардар еткен ҳалда тексериўлер өткерилген. Тексериў ўақтында анықланған санитариялық қағыйдаларды бузғаны ушын лаўазымлы ҳәм жуўапкерлерге  ҳәкимшилик баянлама дүзилип, ҳәкимшилик ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, судқа өткерилген.

Сондай-ақ, басқарма ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен сапасы ҳәм қәўипсизлиги кепилленбеген, лаборатория жуўмақларында талапқа жуўап бермеген 15921,7 кг. ҳәр қыйлы түрдеги, атап айтқанда, 10080 кг. йодланған ас дузы, 3000 кг. ун, 375,5 кг. консерва, 205 кг. гөш ҳәм гөш өнимлери, 320,6 кг. сүт ҳәм сүт өнимлери, 88 кг. өсимлик майы, 60 кг. мийўе-палыз өнимлери, сондай-ақ, 1116 кг. үй шараятында таярланған ҳәр түрли азық-аўқатлық затлар белгиленген тәртипте саўдадан алынған.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажда ғалаба хабар қуралларының мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды, соның менен бирге, партия менен бирге ислесиў, тараўдағы жаңалықларды, руўхый-ағартыўшылық илажларды кең түрде сәўлелендириўдеги мийнетлери айрықша атап өтилип, ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен қызғын қутлықлап ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги