Ташкент қаласы ҳәкимлигинде Қубла Корея пайтахты Сеул қаласының билимлендириў тараўы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Ташкент қаласы ҳәкиминиң орынбасары Дурдона Раҳимова Сеул қаласы кеңеси ҳәм Сеул муниципиал кеңеси ҳәкимшилиги өз-өзин басқарыў мәкемесиниң ағзасы Ок Чжи Ин менен билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў перспективаларын додалады.


Атап айтқанда, билимлендириў тараўында тәжирийбе арттырыў мақсетинде оқыўшылар, студентлер ҳәм кадрлар алмасыўды жолға қойыў усынысы билдирилди. Ушырасыў жуўмағында тәреплер өз-ара пайдалы келисимлер жолында сөйлесиўди даўам еттириўге келисип алды.

                                                                                                                 ӨзА