Бүгин, 26-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола елимизде мәмлекетлик сапар менен болған Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух төрт күнлик сапарын жуўмақлап, Улан-Баторға ушып кетти.

Үргенш халықаралық аэропортында, Монголия басшысы ҳәм оның өмирлик жолдасын Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нуриддин Исмоилов, ўәлаят ҳәкими Жўрабек Рахимов ҳәм басқа рәсмийлер шығарып салды.




                                                                                                 ӨзА