Бүгинги күни 80 жастың сең-сең тонын кийип, аўыл-елдиң жасы үлкени дәрежесине жетискен, жазыўшылық ҳәм журналистика тараўында өзине тән жолға ийе Көбейсин аға Ерназаровты универсал инсан десек болады.

1944-жылы Қоңырат районы (ҳәзирги Қанлыкөл елаты) аймағындағы аўыллардың биринде туўылған ол, мектепти питкергеннен соң Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының тарийх, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетинде оқып тәлим алды.

Соңынан 1967-жылы бес ай даўамында ҳәзирги Қарақалпақстан Республикасы   мәмлекетлик Архив басқармасында қәниге,  1968-1972-жыллары Республикалық үлкетаныў музейинде киши илимий хызметкер, бөлим баслығы болып жумыс иследи.

-Өзимниң дәслепки мийнет жолымды Архив басқармасында баслағаным мен ушын оғада пайдалы болды,-дейди Көбейсин аға.-Себеби, онда барлық фактлер толығы менен қалдырмастан жазылып, есап-санағы жүргизиледи екен. Бул болса, мениң алдағы илимий ҳәм дөретиўшилик ислеримде өз пайдасын тийгизди. Музейде ислеп жүрип республикамыздағы белгили орынлардан тысқары, Москва ҳәм Эстонияда хызмет сапарларында болып, ис тәжирийбемди арттырдым ҳәм республикалық газета ҳәм журналларда үлкемиздиң тарийхы менен өзгешелигин сәўлелендириўши бир қатар мақалалар жәрияладым.

Көбейсин аға Ерназаровтың дөртеиўшилик изленислери тийкарында жазылған мақалалары республикамыздың кең жәмийетшилиги сыяқлы илимпазлардың да нәзерине илинди ҳәм 1973-жылы белгили илимпаз Қабыл Мақсетов тәрепинен Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан филиалы Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебияты илим изертлеў институтына жумысқа шақырылды.

-Бул дәргайда дәслеп философия, соңынан қарақалпақ фольклоры секторында аға лаборант, киши илимий хызметкер ўазыйпаларында жумыс ислеп, илимий изертлеў жумысларын алып бардым,-дейди ол өз сөзин даўам етип.-Институтта ислеп жүрип бир қанша илимий журнал ҳәм күнделикли басылымларда бир қатар мақалаларым басылып шықты. Сондай-ақ, усы жыллар ишинде мен Қарақалпақ фольклорының тарийхын жазыў ҳәм оның жигирма томлығын таярлаўға белсене қатнасып, бул мийнетим ушын 1993-жылы Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болдым.

1986-жылы белгили жазыўшы Шаўдырбай Сейтов тәрепинен «Қарақалпақстан» баспасына жумысқа мирәт етилген ол, 1997-жылға шекем усы баспада редактор, аға редактор, көркем әдебиятлар редакциясының баслығы, өндирислик бөлимниң баслығы, директордың орынбасары лаўазымларында жемисли хызмет етти.

-Баспада ислеп жүрип, устазым Шаўдырбай аға Сейтовтан көп нәрселерди үйрендим,-деп сол жылларды еске алады ол.- Бизлер ислеген дәўирде баспада ҳәр күни жумыс азаннан қара  кешке шекем қайнайтуғын еди. Айырым авторлар менен китаплардағы сөзлер туўралы тартысып, олардың өз ўақтында сапалы шығыўы ушын ҳәрекет ететуғын едик. Сол жыллары айырым авторлар китапларының баспада иркилип қалғанлығынан гүманланып, маған «саўға» бермекши болған гезлери де болды. Бирақ, мен өз ҳүжданыма садық қалып, оған ҳеш қандай гирбиң жуқтырмадым ҳәм өмир бойы усы позициямды беккем услап келмектемен.

Көпшиликтиң хабары болғанындай өткен әсирдиң сексенинши жылларының ақыры, тоқсаныншы жыллардың басында пүткил елимиз бойлап жүз берген экономикалық дағдарыс, «Қарақалпақстан» баспасына да өзиниң унамсыз тәсирин көрсетпей қоймады. Бул жыллары көплеген жазыўшы ҳәм шайырлар өзиниң тийкарғы дөретиўшилик жумысларын таслап, басқа тараўларға өтип кете баслады.

-Баспада материаллық жақтан қыйналып жүргенимди көрген белгили журналист Генжебай Тилеўов 1998-жылы мени  Қарақалпақстан хабар агентлигине жумысқа шақырды ҳәм мен ол жерде 2007-жылға шекем, яғный пенсияға шыққанға дейин жумыс иследим,-дейди ол.-Қыйналғанда мирәт етип шақырған Генжебайға мен өмир бақый миннетдарман. Илайым, берекет тапсын. Мен агентликте редактор ҳәм дилмаш болып, Тилеўовтан тысқары, Парахат Сабуров, Елмурат Байназаров, Толыбай Қабулов, Өтебай Нурпейисов, Бердибай Қәлимбетовлар менен бирге ислестим. Жумысқа ҳәр күни азанда ерте барып, ҳәммеден кеш қайтатуғын едим. Мен ҳеш қашан мына жумыс маған аўырлық етеди яки мен оны ислей алмайман деген емеспен. Қолдан келгенше ислеп кете беретуғын едим. Сонлықтан шығар, мен ҳеш қашан жумыссыз қалған емеспен. Буның ушын Алла-таалаға мың қәтле шүкирлик етемен.

Көбейсин аға Ерназаров илим, журналистика ҳәм өндиристен тысқары, көркем дөретиўшиликте де жемисли мийнет етти. Атап айтатуғын болсақ, оның 1985-жылы «Босаға», 1988-жылы «Музалар дүньясы», «Жақсылық ҳәм жаманлық ҳаққындағы ертек», 1990-жылы «Кешки саат алтыдан кейин», 1992-жылы «Сақал», 1996-жылы «Еситпеген елде көп», 1997-жылы «Адақ қаласын излеп», 2013-жылы «Тымсаллар», 2017-жылы «Дослық ҳаққында әпсана», 2019-жылы «Шаймий», «Өзим айыплыман», «Ата нәсияты», «Соқпағымда көп жақсылар дусласты», 2023-жылы «Сексенинши қыс есигин ашар»  атлы поэтикалық ҳәм прозалық топламлары, 2019-жылы  «Қарақалпақ фольклорындағы дүньяны таныў» атлы илимий монографиялары баспадан шықты.

Жазыўшының бир қатар қосықлары ҳәм сатиралық гүрриңлери өзбек, рус, түркмен ҳәм түрк тиллеринде басылып шыққан.

Ол ҳүрметли дем алысқа шықтым деп үйинде қол қаўсырып отырмастан, жәмийетте жүз берип атырған унамсыз иллет ҳәм ҳәдийселерге өзиниң жеке пикири менен журналистлик позициясын билдирип келмекте. Бул болса, оның еле күш-қуўатқа толы, белсенди инсан екенлигинен дәрек береди.

Өмирлик жолдасы Орал апа Мадреймова менен бирге 3 ул, 2 қызды тәрбиялап, олардан 16 ақлық, 4 шаўлық сүйип отырған Көбейсин аға Ерназаров еле қуўнақ. Бирге сөйлесип отырсаң турмыстан түйген тәжирийбелери тийкарында жазған, қосық қатарларын ядтан айтып, кеўлиңди сергитип жибереди.

-Кәсиплик байрамда бизди жоқлап келгениң ушын сизлерге көп-көп рахмет. Усындайда жаслардың бизлерге қаратқан итибарының өзи бизге және де илҳам-йош бағышлайды. Илайым кәсиплик байрам ҳәммеге қутлы болсын!-дейди ол биз бенен хошласарда.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы