Мәмлекетимизде электр энергиясынан нәтийжели пайдаланып, оның қытшылығының алдын алыў мақсетинде қайта тиклениўши алтернативалы энергия дәреклерин қолланыў әмелияты кеңнен қолланылып атырған бүгинги күнде исбилерменлеримиз тәрепинен қуяш панельлерин ислеп шығарыў жойбары терең қоллап-қуўатланбақта.

Өзбекстан Республикасы Бажыхана комитетиниң жуўаплы ўәкили М.Махамматов Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасының баслығы З.Турдалиевлар аймағымызда бириншилерден болып қуяш панельлерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген “Nukuselectroapparat” жуўапкершилиги шекленген қоспа кәрханасында болды. Кәрхананың дерлик 125 миллиард сум баҳасындағы усы жойбарының иске түсирилиўи менен және 30 жаңа жумыс орнының жаратылыўына тийкар жаратылады.

“Nukuselectroapparat” жуўапкершилиги шекленген қоспа кәрханасына 2023-жылдың басынан берли алып келинген технологиялық әсбап-үскенелер  ҳәм аўысық бөлеклерге ҳүкиметтиң қарары тийкарында 10,4 миллиард сум муғдарында бажыхана төлеминен жеңиллик ҳәм преференция берилген.

Ушырасыў даўамында кәрхананың басшыларына “Бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режиминиң абзаллықлары да түсиндирилип, келешекте өндирис көлемин буннан былай да арттырып ҳәм экспортты көбейтиў бойынша пикир алысыўлар болды. Өз өнимлерин экспортқа шығарыўды режелестирип отырған кәрхананың басшыларына исбилерменлик субъектлерине жаратылған шараятлар қатарында “Экспорт 3 қәдемде” системасының имканиятлары түсиндирилди.

Социаллық ҳәм турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў тараўларында, экономика тармақларында  қайта тиклениўши альтернативалы энергия дәреклерин кеңнен енгизиў мәмлекетимизде күн сайын артып баратырған энергия ресурсларына болған талаптың қанаатландырылып, энергия қытшылығының алдын алыўға хызмет етеди. Өзимизде ислеп шығарылып атырған қуяш панельлери болса баҳасының арзанлығы ҳәм транспорт қәрежетлериниң үнемлениўи нәтийжесинде халқымызға бирдей қолайлық жаратады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги