Бүгин Ташкент қаласында хоккей бойынша 18 жасқа шекемги жаслар арасында Азия ҳәм Океания кубоги өз жуўмағына жетеди.
Кеше өткерилген ярым финалдың биринде Өзбекстан сайланды командасы Бирлескен Араб Әмирликлери сайланды командасы менен ушырасып, өз қарсыласларын 12:0 есабында жеңип шығыўға еристи.
Ал, екинши ярым финал ойынында болса, таиландлы хоккейшилер Монғолия сайланды командасын 7:4 есабында жеңип шығып, финал жолламасын қолға киргизди.
«Ҳумо Арена»да өткерилиўи белгиленген финал ойыны Ташкент ўақты менен саат 19:30да басланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги