Қатар пайтахты Доҳа қаласында футбол бойынша 23 жасқа шекем болған сайланды командалар арасында өткерилип атырған Азия кубогинде Өзбекстан олимпиада сайланды командасы ярым финал беллесиўинде Индонезия командасы менен күш сынасты.

Темур Кападзе шәгиртлери бул ойында 2:0 есабында жеӊиске еристи ҳәм Азия кубоги финалы ҳәм еӊ әҳмийетлиси футболымыз тарийхында дәслепки мәрте Олимпиада ойынлары жолламасын қолға киргизди. Әлбетте, бул күн мәмлекетимиз спорты тарийхына алтын ҳәриплер менен жазып қойылды.

Футбол ықласбентлериниӊ 28 жыллық әрманы орынланды. Өзбекстан олимпиада сайланды командасы “Париж-2024” Олимпиадасында қатнасады.

Усы жерде, ғәрезсизликке ерискенимизден берли футбол бойынша олимпиада сайланды командамыздыӊ басып өткен жолына бир нәзер тасласақ.

Футболшыларымыз Олимпиадаға жолды 1996-жылы «Атланта-1996» Олимпиада ойынлары сайлап алыў басқышынан баслаған. Бул беллесиўге шығыў ушын өткерилген сайлап алыў беллесиўлериниӊ дәслепки басқышында қатнасып, әўметсизликке ушыраған.

Соӊ «Сидней-2000» Олимпиадасы ушын гезектеги урынысында жеӊилиске ушыраған. Сондай-ақ, футбол бойынша олимпиада сайланды командамыз «Афина-2004», «Пекин-2008», «Лондон-2012», «Рио-2016» ҳәм «Токио-2020» Олимпиада ойынларыныӊ сайлап алыў беллесиўлеринде қатнасыў ушын бир неше мәрте әўметлерин сынап көрди. Тилекке қарсы, бул сынқлар футболшыларымыз ушын әўметсиз жуўмақланды.

Соӊғы жыллары мәмлекетимизде футболды және де раўажландырыўға қаратылған үлкен итибар себепли мәмлекетимизде уқыплы футболшылар жетилисип шыға баслады. Олардыӊ өз қәбилетлерин көрсетиўи ушын барлық имканиятлар жаратылды. Соныӊ нәтийжесинде ҳәзирги ўақытта Қатар жасыл майданларында халқымыздыӊ узақ күтилген әрманын әмелге асыратуғын команда қәлиплести. Бул команда еле үлкен шеклерди басып өтетуғыны анық.

Темур Кападзе қол астындағы командамыз енди 3-май күни Азия кубогин қолға киргизиў ушын майданға түседи. Олимпиадашыларымыздыӊ усы сыйлық жолындағы соӊғы қарсыласы Ирак ҳәм Япония сайланды командалары ойынында анықланады.

Еслетип өтемиз, ярым финал басқышында жеӊилиске ушыраған командалар 2-май күни беллесиўдиӊ үшинши орны ушын болып өтетуғын беллесиўде қатнасады. Онда жеӊимпаз болған команда “Париж-2024” беллесиўине тиккелей жол алады.

Имканияттан пайдаланалмай қалған сайланды команда болса Африка кубогинде 4-орынды ийелеген Гвинея командасы менен 9-май күни континентлераралық плей-оффта бир-бирине қарсы ойнайды.

Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,
ӨзА