Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинде видеоконференц байланыс тәризинде мәжилис өткерилип, онда аймақларға жетип баратуғын аз муғдардағы суўдан нәтийжели пайдаланыў ҳәм суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў мәселелери додаланды.

Министрлик аппаратының жуўапкер хызметкерлери ҳәм барлық система шөлкемлериниң басшылары онлайн тәризинде аралықтан қатнасқан бул мәжилисте, система шөлкемлериниң күн тәртибиндеги мәселелер бойынша, яғный район шегарасына жеткерилген суўдан нәтийжесиз пайдаланып атырғаны, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўдеги кемшиликлер сынға алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының кеңесгөйи М.Абдиров, Суў хожалығы министри Б.Жүзбаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигинен республикаға бириктирилген ўәкил Н.Атақуловлар бар суўдан нәтийжели пайдаланыў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў ең әҳмийетли мәселе екенлигин атап өтип, суў хожалығы шөлкемлери жуўапкерлериниң алдағы ўазыйпалары белгиленди.

Мәжилисте суў жетиспеўшилиги, жақында аймақларға тарқатылған көшпели насос агрегатлары арқалы суўғарылып атырған майданлар, бул насослардан суўы аз каналлардағы суўды атызларға шығарыў ҳәм суўғарыў илажларын шөлкемлескенлик пенен өткериў мәселелери бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Талқылаў жуўмағында суў хожалығы жуўапкерлери ҳәм система шөлкемлери басшылары билдирген усыныслар бойынша шешим қабыл етилип, Тақыятас гидроузели алдына келип турған суў муғдарларын гезек пенен суўғарыўға жумсаў бойынша график тийкарында магистрал каналларға ҳәм районларға бериў бойынша келисип алынды. Аймақларға жеткерилген суў муғдарлары менен бәринен бурын, ғәлле майданларын ҳәм халықтың қыйтақ жерлерин суўғарыў бойынша тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги