Өзбекстан Бас прокуроры ЭБШға ағза мәмлекетлер Бас прокурорлары мәжилисинде қатнасты

324

Тәжикстан Республикасы Бас прокуроры Ю.Раҳмонның мирәт етиўине бола Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Н.Йўлдошев басшылығындағы Бас прокуратура делегациясы Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине (ЭБШ) ағза мәмлекетлер Бас прокурорларының 5-мәжилисинде қатнасыў мақсетинде Душанбе қаласына әмелий сапар менен барды.

Сапар даўамында ЭБШға ағза болған мәмлекетлер Бас прокурорлары 5-мәжилиси делегациясы басшыларының Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон менен ушырасыўы болып өтти.

Мәмлекет басшысы мийманларды күтип алып, қадағалаў уйымлары арасында тәжирийбе алмасыў ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў мақсетинде олардың арасында турақлы түрде мәжилислерди өткериў айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Сондай-ақ, ЭБШға ағза болған мәмлекетлер бас прокурорлары делегацияларының мәжилиси болып, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, коррупция ҳәм шөлкемлескен жынаятшылықтың басқа да түрлерине қарсы гүресиў сыяқлы тараўларда прокуратура уйымлары жумысының тийкарғы бағдарлары бойынша тәжирийбе алмасылды.

Бул бағдарда Бас прокурор Н.Йўлдошев «Өзбекстан Республикасы прокуратура уйымларының исбилерменлер ҳәм инвесторлардың ҳуқықларын қорғаў тараўындағы тәжирийбеси» атамасында шығып сөйледи.

Илаж жуўмағына бола, қатнасыўшылар жынаятшылыққа қарсы гүресиў, соның ишинде, ЭБШға ағза мәмлекетлердиң ўәкилликли уйымлары арасындағы көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм тереңлестириў арқалы жынаятшылыққа қарсы гүресиў бағдарында ҳәрекетлерди және де бирлестириў зәрүр екенин атап өтти.


Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы