Ташкент қаласында эстрада көркем өнериниӊ тийкарын салыўшысы, Өзбекстан халық артисти Ботир Зокировтыӊ естелиги ашылды. Усы мүсибет пенен өткерилген илажда Президент Шавкат Мирзиёев қатнасып, көркем өнер ықласбетлерин қызғын қутлықлады.
– Бүгин өзине тән көркем өнер ҳәм мәденият байрамы. Усы қуўанышлы ўақыя менен сиз, әзизлерди, Ботир Зокировтыӊ жақынлары ҳәм ықласбетлерин, пүткил халқымызды шын жүректен қутлықлайман, – деди Президент.
Ботир Зокиров 1936-жылы қосықшылар шаӊарағында туўылып, ер жеткен. 29 жасында Өзбекстан халық артисти атағына ийе болды. 2000-жылы “ Буюк хизматлари учун” ҳәм 2001-жылы “ Эл-юрт ҳурмати” орденлери менен сыйлықланған.
Мәмлекетимиз басшысы қосықшыныӊ теӊсиз қәбилет ҳәм адамгершиликли пазыйлетлерин атап өтти.
Ботир Зокиров оғада қысқа – 49 жыл өмир көрген. Бирақ, усы жыллар даўамында өзинен рәӊ-бәреӊ ҳәм бай дөретиўшилик мийрас қалдырған. Оныӊ сыйқырлы даўысы мәмлекетимиздеги ҳәр бир шаӊараққа кирип барып, халқымыздыӊ қәлбинен, көркем өнеримиздиӊ алтын фондынан орын алған. Дүньяныӊ мәденият пайтахталарында өзбек көркем өнерин зор нәтийжелер менен көрсеткен.
Қосықшы 1955-жылы, әйне күшке толған ўақтында аўыр дәртке жолығады. Бир неше мәрте хирургиялық операцияларды басынан өткереди. Шыпакерлер оған қосық айтыўды қадаған етип қояды. Бирақ, ол усы аўҳалда да дөретиўшиликтен, қосық айтыўдан тоқтамайды.
Ботир Зокиров өмир бойы жаӊалыққа умтылып жасайтуғын еди. Шығыс фольклоры ҳәм заманагөй эстрада көркем өнерин үйлестирип, “Мюзик холл” дөретиўшилик топарын шөлкемлестирген, қосықшы ҳәм композитор сыпатында көплеген қәбилетли жасларға устазлық еткен. Республикамызда хызмет көрсеткен “Ялла” ансамблиниӊ шөлкемлесиўинде Ботир Зокировтыӊ хызметлери шексиз.
Уллы дөретиўшиниӊ мәӊгилик естелигин ҳүрметлеў, дөретиўшилик мийрасын үйрениў бойынша көп жумыслар исленбекте. Атап айтқанда, Президент қарары қабыл етилип, 2021-жылы Ботир Зокировтыӊ 85 жыллық туўылған күни кеӊнен белгиленди. Уллы қосықшы атындағы миллий сыйлық шөлкемлестирилди. Ол ҳаққында илимий ҳәм көркем дөретпелер, ҳүжжетли фильм ҳәм спектакльлер жаратылды. Жақында Ботир Зокировтыӊ еслеў кешеси мәмлекетимиз жәмийетшилиги ҳәм сырт мәмлекетлерден келген белгили артистлердиӊ қатнасыўында үлкен қуўаныш сыпатында өткерилди.
Ботир Зокиров билим алған Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы орналасқан көшеге оныӊ теберик аты берилди. Усы консерватория жанында Ботир Зокиров атындағы миллий эстрада көркем өнери институты қурылды. Енди бул жерде естелик орнатылыўы комплекске және де көрик бағышлайды.
– Бул естелик Ботир Зокировтыӊ ҳүрметине орнатылған символикалық белги. Ҳәзирги ўақытта Жаӊа Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў жолында алып барылып атырған барлық реформаларымыз ҳәм олардыӊ әмелий нәтийжелери бул уллы дөретиўшиге еӊ мүнәсип естелик болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Ботир Зокировтиӊ дөретиўшилик феномени миллий көркем өнеримиз тарийхында пүтин бир дәўирди қурайтуғыны атап өтилди. Оныӊ бай мийрасын тереӊ үйрениў ҳәм халыққа жеткериў жумысларын даўам етиў мақсетинде Министрлер Кабинетине өз алдына қарар таярлаў тапсырылды. Онда Ташкент қаласында қосықшыныӊ мемориал музейин қурыў, эстрада көркем өнери бойынша Ботир Зокиров атындағы халықаралық таӊлаў ҳәм студентлер ушын мәмлекетлик стипендия енгизиў, көркем фильм жаратыў, Миллий эстрада симфоникалық ортестриниӊ жумысын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў сыяқлы ўазыйпалар нәзерде тутылады.
Мәресимде Ботир Зокировтыӊ избасарлары, көркем өнер ҳәм мәденият ғайраткерлери шығып сөйледи.
ӨзА