Президент Шавкат Мирзиёев Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы жанындағы Ботир Зокиров атындағы Миллий эстрада институтыныӊ жумысы менен танысты.
Бул билимлендириў орны мәмлекетимиз басшысыныӊ 2020-жыл 2-декабрьдеги қарары тийкарында Өзбекстан халық артисти Ботир Зокиров туўылған күниниӊ 85 жыллығы шеӊберинде шөлкемлестирилген еди. Мәдений ҳәм илимий мийрастан пайдаланып, миллий эстрада көркем өнерин раўажландырыў, қәбилетли атқарыўшы ҳәм педагогларды таярлаў, заманагөй қосық ҳәм намалар жаратыў институттыӊ тийкарғы ўазыйпасы болып табылады.
Өткен жылы институт ушын 500 орынлық жаӊа имарат қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Бул жерде оқыў ҳәм дөретиўшилик ушын барлық шараятлар жаратылған. Аудиториялар зәрүрли музыка үскенелери ҳәм техикалар менен тәмийинленген.
Институтта эстрада вокал көркем өнери, техноген көркем өнер, композиторлық көркем өнери, көркем өнертаныўшылық, дирижёрлық сыяқлы бағдарларда қәнигелер таярланбақта. Бүгинги күни 479 студент билим алмақта. Оларға профессор-оқытыўшылар, халық артистлери сабақ береди.
Президентимиз оқыў процесслерин бақлады, оқытыўшы ҳәм студентлер менен сәўбетлести.
– Бәринен бурын, мине усындай дәргай менен сизлерди, пүткил көркем өнерге қызығыўшы жасларымызды қутлықлайман. Биз бул жумысларды не ушын ислеп атырмыз? Көркем өнеримиздиӊ уллы мийрасын, жасларымыздыӊ нелерге уқыплы екенин дүньяға танытыў ушын. Институтқа миллий көркем өнеримизде феномен болған Ботир Зокировтыӊ атын бергенимиз де бийкарға емес. Бул жерде оныӊ мүнәсип избасарларын тәрбиялаўды, қәбилетин жүзеге шығарыўды мақсет еткенбиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Оқыў орныныӊ китапханасында сегиз мыӊнан аслам әдебият ҳәм ноталар жәмленген. Миллий эстрада бойынша илимий, әмелий ҳәм дөретиўшилик излениўлер алып барыў ушын изертлеў орайы да шөлкемлестирилген.
ӨзА