“ӨзАдағы пикирлер: экономикалық ҳәм билимлендириў реформалары” атамасында таллаў ҳәм усыныслар топламы басылып шықты

518

Түрли мәселелерде таллаў ҳәм усынысларды алға қоятуғын илимпазлар, эксперт яки басқа тараў ўәкиллери жақсы түсинеди, ҳәр бир ой-пикир елимиздиӊ келешеги, жас әўладтыӊ тағдири ушын ашық айна ўазыйпасын атқарады. Бүгинги күнде онлаған тиллерде дүньяға өз сөзи менен шығып атырған Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги мәмлекетимиз экспертлери потециалын кеӊ жәмийетшиликке көрсетип барыўда үлкен күш пенен ҳәрекет етпекте.  

Бул болса дүнья халқыныӊ Жаӊа Өзбекстанға болған қызығыўшылықларын ҳәм  унамлы көзқарасларын қәлиплестириўде әҳмийетли қәдем болып есапланады. Елимиздиӊ белгили илимпазлары, түрли тараў изертлеўшилериниӊ бүгинги реформаларға мүнәсибетлери ӨзАда жарытылып, топлам түринде басылып шығып атырғанлығы ҳәм бул өзине тән басылым ўазыйпасын атқарып атырғанлығы қуўанышлы жағдай болып есапланады.

Бул процессте Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри, профессор Қоӊыратбай Шариповтыӊ экономикалық, халықаралық қатнасықлар ҳәм жоқары билимлендириўди қәлиплестириўдеги таллаўлары өзине тән орын ийелейди.

Оныӊ ӨзА арқалы үзликсиз анық дәлиллер, алдынғы басламалар менен кеӊ  жәмийетшилик итибарына үлги болып атырған таллаўлар бүгин китап түринде басылып шықты. “ӨзАдағы пикирлер: Экономика ҳәм билимлендириў реформалары” деп аталған бул китапта заман ҳәм мәкан көзқарасынан табыслы  изертлеўлердиң нәтийжелери жәмленген.

Китапта социаллық мәмлекет реформаларында пуқаралар, атап айтқанда, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўдиӊ әҳмийети, инженер қәнигелердиӊ санаат өндирислик тармақлары, заманагөй экономиканың раўажланыўына қосатуғын үлеси сыяқлы әҳмийетли темаларға айрықша катнас жасаған.

Буннан тысқары, 2023-2027- жылларға мөлшерленген Өзбекстан – Қытай қатнасықларыныӊ жаӊа дәўиринде стратегиялық бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары, елимизде туризм тараўы менен байланыслы жумыслардыӊ еӊ әҳмийетли экономикалық өзгешеликлери ҳәм аўыл хожалығы ҳәм аграр тараўдыӊ раўажланыўы, суў ҳәм суў ресурсларын ақылға уғрас басқарыў сыяқлы көп тәреплемели тараўлардыӊ мазмун-мәниси ашып берилген.

Өзбекстан өзиниӊ барлық үлкен бағдарламалары арқалы қоршаған орталықты таза услаў, тәбиятты сақлаў, жасыл экономикаға өтиў сыяқлы халықаралық жойбарларда өз басламасы менен белсендилик көрсетпекте.

Итибарлы тәрепи- елимизде шөлкемлестирилген халықаралық форумларда дүнья илимпазлары тәрепинен түрли темадағы баянатлар таярланады. Экономикалық көрсеткишлерди өзинде сәўлеленген бул топламда халықаралық экспертлердиӊ таллаўлары  ҳәм  фактлерине сүйенген.

Жуўмақлап айтқанда, елимиздеги түрли тараўлардың раўажланыўы жолында алып барылып атырған жумыслар ҳаққындағы таллаўлар жәмленген бул топлам илимпазлар, тараў қәнигелери ушын әҳмийетли дәрек болып хызмет етеди.

 

                                                                                                                           ӨзА