Президентимиз Шавкат Мирзиёев 29-апрель күни геология ҳәм кән-металлургия тараўларындағы ўазыйпаларды додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Мәмлекетимизде геология тараўына ҳәр жылы 1 триллион  сумнан қаржы ажыратылып, мәнзилли бағдарламалар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде өткен жылы таў-кән санаатында өндирис көлеми дерлик 11 миллиард долларға жетти.

Бирақ бул, тийкарынан, баҳалы ҳәм реңли металлар бағдарында  болып, санаат ушын керекли минераллар бойынша пайдаланылмаған жүдә үлкен резерв керек болады. Атап айтқанда, елимизде 32 түрдеги усындай қазылма байлықлар бар.

Сол себепли 15-январь күни өткерилген презентецияда мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы имканиятларды иске қосыў бойынша тапсырмалар берген еди. Бүгинги мәжилисте басланған ислер, реже ҳәм усыныслар көрип шығылды.

Бүгинги күнде дүньяда технологиялық жағдай тез өзгермекте. Электромобиль, “Жасыл” энергетика, электротехника санаатында сийрек ушырасатуғын металларға талаплар барған сайын артып бармақта. Соның ушын соңғы жыллары дүнья базарында молибден, теллур, селен, графит баҳалары кескин артпақта.

Президентимиз бул тараўдағы үлкен имканиятларды көрсетип өтти. Санаат ушын әҳмийетли минераллар шийки затлары ҳәм  олардың түрлерин кеңейтиў зәрүрлиги айтып өтилди.

Ҳәзирги  күнде  елимизде 6 түрдеги усындай өнимлер ислеп шығарылады. Буған қосымша платина, индий, ванадий металлары ҳәм вольфрам, молибден, цинк, марганец сыяқлы минераллардан жоқары қосымша қунлы өнимлер алыў имканияты бар. Мәселен, алдынлары өзимизде болмаған унтақлаў (порошок) металлургиясында жылына 300 миллион долларлық, үскенелер ҳәм комплектлеўши бөлеклер  бағдарында 100 миллион долларлық қун жаратыў мүмкин.

Жақында Европа Аўқамы менен әҳмийетли минераллар бойынша ерисилген келисим бул бағдарда үлкен базар ашады.

Усылардан келип шыққан ҳалда, жумысшыларға сырт ел экспертлери ҳәм инвесторларының қатнасыўында сийрек ушырасатуғын металлар бойынша 500 миллион долларлық перспиктивалы жойбарлар бағдарламасын қәлиплестириў тапсырылды. Бул бағдарды илим менен раўажландырыў, усы мақсетте жойбарлаў офиси шөлкемлестирип, жетекши институт ҳәм илимий орайларды кеңнен тартыў зәрүрлиги атап өтилди.

 

Мәжилисте Наўайы кән-металлургия комбинатында баҳалы металлар резервин көбейтиў режелери де көрип шығылды.

Жуўапкерлер алтын резервин ҳәм өндирис көлемин арттырыў имканиятлары хаққында мәлимлеме берди.

Президентимиз комбинатда өндиристиң өзине түсер баҳасын 10-15 процентке азайтыў, санаат кооперациясы  ҳәм локализациялаўға қамтып алыўды кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди. Баҳалы металлар тараўында алдынғы технологиялар илимий орайын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА