Пайтахтымызда Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Өзбекстанныӊ Балаларды рак кеселлигинен емлеў ушын дәри қураллары менен тәмийинлеў бойынша Глобал платформасында қатнасыў ҳаққындағы келисимге қол қойыў мәресими болып өтти.

Оған тийкарланып мәмлекетимиздиӊ 14 медициналық мәкемеси рак кеселлигине шатылған балалар ушын сапалы дәри қуралларын үзликсиз қабыл етиў ҳәм оларды бул бағдарда ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланыўы нәзерде тутылған.

Дүньяда биринши болған бул платформа ЖДСШ ҳәм АҚШтыӊ Цент-Жуд балалар илимий-изертлеў емлеўханасыныӊ жойбары болып, балаларды қаржылай қыйыншылықларсыз қәўипсиз, нәтийжели ҳәм сапалы ракқа қарсы дәри қураллары менен тәмийинлеўге қаратылған. Өзбекстан онда қатнасатуғын мәмлекетлерден бири сыпатында сайланған.

Келеси алты жыл ишинде Цент-Жуд емлеўханасы Глобал платформаға 200 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиўди режелестирмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги