Усы жылдың 20-май күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң елиўинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Күн тәртибинде дәслеп халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кем тәмийинленген шаңарақларды камбағаллықтан шығарыў, Сайхунабад тәжирийбесин енгизиў, мәҳәлле жетилигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жуўапкершилигин арттырыў бойынша 2024-жылдың биринши шереги даўамында әмелге асырылған жумыслар, аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор басшыларының есабаты туўралы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, 1-сектор басшысы Ф.Эрманов баянат жасады.

Буннан соң әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Қарақалпақстан Республикасы прокуроры, 2-сектор басшысы Э.Таджиев баянат жасады.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы уйымлары тәрепинен мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған «Инсан қәдири ушын» нормалары ҳәм нызам үстинлигин әмелде тәмийинлеў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, 3-сектор басшысы Б.Торебековтың баянаты тыңланды.

Республиканың 3-секторына бириктирилген Қараөзек, Шымбай, Бозатаў ҳәм Кегейли районларында мийнет базарына кирип келиўши жәми 22 мың 122 пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў тийис болып, соннан улыўма билим бериў мектеплериниң 2 мың 918 питкериўшиси, 9 мың 816 мигрaциядан қайтып келетуғынлар, 9 мың 388 жумыссыз пуқараны қурайды.  Өткен 1-шерек даўамында 3 мыӊ 467 жаңа жумыс орны жаратылып, белгиленген реже 136,9 процентке орынланды. Президентимиздиң басламасы менен «Абат шаңарақ, абат көше, абат мәҳәлле» бағдарламасы тийкарында да айтарлықтай жумыслар әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, аймақларда жасаўшы аўыр жағдайға түсип қалған шаңаракларды қоллап-куўатлаў бойынша да жумыслар даўам етпекте.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Салық басқармасының баслығы, 4-сектор басшысы Х.Бекчанов баянат жасады.

Бул секторға бириктирилген Нөкис қаласы, Хожели, Тақыятас ҳәм Нөкис районларында Президентимиздиң басламасы менен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың машқалаларына шешим табыў ҳәм оларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Салық уйымлары тәрепинен «мәҳәлле жетилиги» жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасындағы 452 мәҳәллеге 220 салық хызметкери бириктирилип, жумыслар системалы даўам еттирилип атырғанлығы атап өтилди.

Күн тәртибиндеги дәслепки мәселе бойынша депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейин мүрәжатлар менен ислесиў жағдайы бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы мәселе болып, бул  бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы С.Худайбергенов баянат жасады.

Бүгинги күнге шекем Президент Виртуал ҳәм Халық қабыллаўханаларына пуқаралардан келип түскен мүрәжатлардың көпшилиги өзиниң унамлы шешимин таўып атыр. Бундағы тийкарғы себеплердиң бири Жоқарғы Кеңесте шөлкемлестирилген мүрәжатлар платформасы, Министрлер Кеңесиндеги Арнаўлы штаб жумысы, соның менен бир қатарда, министрликлер ҳәм сектор басшылары тәрепинен орынларда пуқаралар менен турақлы түрде ушырасыўлар өткерилип атырғанлығынан көпшилик мүрәжатлар өзиниң унамлы шешимин таппақта. Бул мәселе бойынша да депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының жаңа қурамын дүзиў туўралы мәселе қарап шығылды. «Сайлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 12-статьясына муўапық халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслери тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы ағзалығына 21 адам қурамында талабанлар усынылды. Бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе бойынша да депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң елиўинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги