19-май күни Бирлескен Араб Әмирликлериниң пайтахты Абу-Даби қаласында дзюдо бойынша ересеклер арасында 37-жәҳән чемпионатына старт берилди.

Дүньяның 107 мәмлекетинен дзюдошылар қатнасып атырған бул чемпионаттың дәслепки күнинде Өзбекстан сайланды командасының палўаны Диёра Келдиёрова -52 кг салмақ категориясында финалға шекем хорватиялы Ана Виктория Пулиз, аргентиналы София Фиора, швейцариялы Бинта Ндиайе ҳәм япониялы Ҳибики Шираишилерди жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, алтын медаль ушын беллесиўде болса, ол италиялы Одетте Гюффридаға қарсы гүреске түсип, оннан жеңилип қалды.

Солай етип, Диёра Келдиёрова жәҳән чемпионатының дәслепки күнинде сайланды команда есабына бир гүмис медальды қосып қойыўға еристи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги