Мәмлекетимизде спортты ен жайдырыў,  саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, ҳәр тәреплеме белсенди ҳәм жетик әўладты тәрбиялап  жетилистириў мақсетинде көплеген имканиятлар  жаратылып берилмекте. Бул бағдардағы алып барылып атырған жумыслар қатарында билимлендириў тараўында өткерилип атырған спорт жарыслары да  әҳмийетли орын тутады.

Буның айқын дәлили сыпатында 19-май күни Нөкис қаласы Жеңил атлетика ҳәм ойын түрлерине қәнигелестирилген спорт мектебинде Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигине қараслы улыума орта билим бериў мектеплери муғаллимлери

менен оқыўшы-жаслары арасында “Кеўилли стартлар” спорт жарысының Қарақалпақстан республикалық басқышы өткерилди. Жарысқа район хәм аймақлық көлемде жеңимпаз болған командалар қатнасты. Муғаллимлер арасында өткерилген жарыста 1-орынды Нөкис районы муғаллимлери ҳәм тәрбияшыларынан дүзилген команда ийелеген болса, оқыўшылар беллесиўинде де жеңимпазлықты Нөкис районы 1-санлы қәнигелестирилген мектеп оқыўшылары топары ийелеп, Өзбекстан көлеминдеги басқышқа жоллама алды.

– Бул қос табыс бизлер ушын үлкен жетискенлик ҳәм имканият болды. Өзбекстан көлеминде өткерилетуғын басқышқа  жоллама алыў ҳәм жеңимпаз болыў оқыўшылардан үлкен күш ҳәм сабырды талап етти. Муғаллимлер де өз ўазыйпалары менен бул  жарысқа теңдей ўақыт ажыратып, аянбай мийнет етти. Шешиўши басқышта да  үлкен табысларға ерисемиз деген нийеттемиз,-дейди 1-санлы мектеп тренери Махсет Қыдырниязов.

Соны да айтып өтиў орынлы, жарысқа қатнасқан спортшыларды тренерлер Бахадыр Палўанов, Махсет Қыдырниязов ҳәм Расул Жамаловлар таярлады.

 

С.Пердебаева,

Бердақ атындағы ҚМУ дың Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 4-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги