Әзиз перзентлерим!

Усы күнлери Қатар мәмлекетинде футбол бойынша жаслар арасында өткерилип атырған Азия кубогинде нәтийжели қатнасып, бир жола финал жолламасын ҳәм усы жылы жазда Парижде өткерилетуғын Олимпиада ойынлары жолламасын қолға киргизгениӊиз бенен шын жүректен қутлықлайман!

Жанажан Өзбекстанымыздыӊ футбол тарийхында биринши мәрте ерисилген бундай жарқын жеӊисти, әлбетте, мәмлекетимиздеги барлық спорт ықласбентлери, көп миллетли пүткил халқымыз шексиз қуўаныш ҳәм мақтаныш пенен күтип алды. Бул ел-журтымыздыӊ неше жыллық уллы әрманы еди. Бул әрманды әмелге асырыў сизлерге – Жаӊа Өзбекстанныӊ нәўқыран перзентлерине несип еткени менен ҳәр қанша мақтансаӊыз, арзыйды.

Әлбетте, сизлер ерискен бул тарийхый жеӊис тийкарында кейинги жыллары мәмлекетимизде спорт тараўын, атап айтқанда, футболды раўажландырыўға берилип атырған үлкен итибар ҳәм әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли әмелий жумыслар сәўлеленген, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Соныӊ менен бирге, сиздей ғайратлы жасларымыздыӊ тәжирийбели тренер ҳәм қәнигелер басшылығында бул беллесиўге пуқта таярлық көрип, ҳәр бир ойында ҳақыйқый уқып, мәртлик ҳәм шыдамлылық үлгисин көрсеткениӊиз әлбетте, үлкен мақтаўға мүнәсип.

Азия континентиндеги еӊ күшли командалар менен қызғын гүреслер астында болып өткен 5 ойында да командамыз дәрўазасын қол қатылмай сақлап, қарсыласлардыӊ дәрўазасына 14 жуўапсыз топ киргизгениӊиз де футболымыз тарийхында мисли көрилмеген нәтийже болып табылады.

Исенимим кәмил, сизлер бул жетискенликтен және де руўхланып, финал беллесиўинде “Азия чемпионы” деген даӊқлы ат ушын мүнәсип гүрес алып барасыз.

Пурсаттан пайдаланып, бәршеӊизге, сизлердиӊ меҳрибан атан-анаӊыз, устаз-тренерлериӊизге де шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.

Пүткил Өзбекстан халқы сизлерге ҳәмийше бахыт ҳәм әўметлер, жарқын жеӊислер тилейди, әзиз балаларым!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти