Алдын хабар бергенимиздей, усы күнлерде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары ѳзлериниң сайлаў округлеринде болып, халық арасында ашық сәўбетлесиўлер, ушырасыўлар ѳткермекте.

Қараөзек районындағы академик С.Камалов атындағы аўыл пуқаралар жыйынында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Б.Алдамуратовтың қатнасыўында аймақтағы мәҳәлле белсендилери, жергиликли Кеӊес депутатлары, пуқаралар  менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыў қатнасыўшыларына мәмлекетимизде жаӊадан қабыл етилген нызам ҳәм қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалар, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында мағлыўматлар берилди. Сондай-ақ, депутат тәрепинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы мәжилисинде қабыл етилген «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратларға болған ҳуқықларын тән алыў ҳаққында»ғы нызамы кеӊнен таныстырылып, қатнасыўшылардыӊ бул бағдардағы пикир-усыныслары тыӊланды.

Депутат тәрепинен усы мазмундағы ушырасыў А.Досназаров АПЖда да өткерилди. Ушырасыў даўамында мәҳәлледе халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бойынша Президентимиздиң басламасы менен Сырдәрья ўәлаяты Сайхунабад районы тәжирийбеси шеӊберинде алып барылып атырған жумыслар тийкарында халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў, бул бағдарда қыйтақ жер ҳәм үй хожалықларындағы мүмкиншиликлерди толық иске қосыў бойынша әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар ҳаққында мағлыўматлер берилди. Аймақларда «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы да пикир алысылды.

Депутатлар күн даўамында аты аталған аўыл пуқаралар жыйынларының ўәкиллери – «мәҳәлле жетилиги» жумыслары менен танысты.

Депутат Б.Алдамуратов ҳәм Халық депутатлары Қараѳзек районлық Кеңесиниң депутатлары район орайындағы Есим МПЖның «Жаңа Ѳзбекстан» турақ жайлар массиви аймағында жайласқан 2-санлы мектепте де ушырасыў ѳткерди. Дәслеп депутатлар жаңадан қурылған мектептиң имканиятлары, ол жерде жас әўладтың жетик билим алыўы ушын жаратылған шараятларды көзден өткерип, мектеп жәмәәти менен пикир алысты.


Мектепте ѳткерилген ушырасыўға аймақ пуқаралары, муғаллимлер қатнасып, Парламентте кѳрип шығылып атырған нызамлардың мазмун-мәниси ҳаққында мағлыўматлар алды. Әсиресе, жер ҳәм турақ жай ҳуқықының белгилениўинде халыққа жеңиллик бериўге қаратылған нызам менен белгиленген ѳзгерислер қатнасыўшыларда қызығыўшылық оятып, бүгинги күнде айырым пуқаралардың жыллап шешилмей киятырған машқалаларына әмелий шешим табылып атырғаны айрықша атап ѳтилди.

Ушырасыў Есим МПЖ аймағында жайласқан кәсип-ѳнер мектебинде де ѳткерилип, онда жергиликли халық ўәкиллери, педагоглар жәмәәти ҳәм депутатлар қатнасты. Депутатлар тәрепинен мәмлекетимизде соңғы жылларда тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде халқымыздың жасаў шараяты жақсыланғанлығы атап ѳтилди. Жаңадан қабыл етилген нызам ҳәм ҳүкиметлик қарарлар, мәмлекетлик бағдарламалардың әҳмийети, нызамшылықтағы жаңалықлар ҳаққында кеңнен мағлыўматлар берилди.

Қатнасыўшылар менен сәўбетлесилип, мектепте жаратылған шараятлар, кәсип-ѳнерге бағдарлаў бойынша имканиятлары менен танысты.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги