Өзбекстан ҳәм Германия қатнасықлары кеӊ көлемде раўажланып бармақта. Сиясий, саўда-экономикалық, социаллық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў және де беккемленеди ҳәм парламентлераралық байланыслар раўажландырылады.

Бул Өзбекстан Сенаты Баслығы Танзила Норбоева ҳәм Германия Бундестагиндеги “Германия – Орайлық Азия” парламент топары баслығыныӊ орынбасары Манфред Грунд басшылығындағы делегация менен ушырасыўда атап өтилди.

Сәўбетлесиў барысында Германия Орайлық Азия мәмлекетлери, соныӊ ишинде, тез раўажланып баратырған Өзбекстан менен көп тәреплемели қатнасықларды және де тереӊлестириўге таяр екени айтып өтилди.

Биринши гезекте, турақлы өсип баратырған экономикалық бағдарда товар алмасыў көлемин кеӊейтиў, жаӊадан инвестицияларды тартыў, заманагөй өндирискәрханларын шөлкемлестириў бойынша қызығыўшылық билдирди.

Еки мәмлекет арасындағы қатнасықларда парламентлераралық байланыстыӊ әҳмийетлилигинен келип шығып, бул бағдарда бир қатар режелерге тоқтап өтилди. Атап айтқанда, еки тәреплеме байланысларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеў, парламент комитетлери арасында тиккелей байланысларды орнатыў ҳәм оны және де раўажландырыў әҳмийетли екени атап өтилди. Электрон парламентти енгизиў бойынша тәжирийбе алмасыўға келисип алынды.

Делегация ағзалары Өзбекстанда ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға жоқары баҳа берди. Бул процессте Германия белсене қатнасыўға таяр екени билдирилди.

Мийнет қатнасықлары, гендер теӊлигин тәмийинлеў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, мәдений-гуманитарлық тараўларда да бирге ислесиўди тереӊлестириў мәселелери бойынша пикир алысты.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Германия парламентлери қатнасықлардыӊ жаӊа бағдарларын белгилеп алыў мақсетинде бирге ислесиўге байланыслы тийисли ҳүжжетлерди ислеп шығыўға келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА