Президентимиз тәрепинен туризм тараўын раўажландырыў бойынша бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилген болып, соңғы жыллары усы тийкарда айтарлықтай унамлы өзгерислер әмелге асырылмақта.
Усы илажлардың даўамы сыпатында Жоқарғы Кеңестиң арнаўлы Президиум қарары қабыл етилип, Хожели районы “Сарышүнгил” пуқаралар жыйыны аймағындағы “Миздакхан” тарийхый-археологиялық комплексиниң имканиятларынан еле де кеңирек пайдаланыў мақсетинде район ҳәкимлиги жанында “Миздакхан комплекси” дирекциясы шөлкемлестирилди.
Дирекцияның тийкарғы ўазыйпасы “Миздакхан” тарийхый-археологиялық комплексиндеги мәдений мийрас объектлери ҳәм зыяратлаў орынлары менен сырт елли, жергиликли туристлерди таныстырыў, соның менен бирге, дүнья жәмийетшилигиниң итибарын тартыўдан ибарат. Усы бағдарда туристлерге және де қолайлық жаратыў мақсетинде аймақ инфраструктурасы жақсыланып, жәмийетлик аўқатланыў орынлары ҳәм басқа да зәрүр объектлер қурылыўы белгиленбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги