Иран сайлаў штабының баспасөз хаткери Муҳсин Эсламийдиң айтыўынша, мәмлекетте мүддетинен алдын президентлик сайлаўлары 28-июнь күни болып өтеди. Бул ҳаққында Mehr агентлиги хабар бермекте.

«28-июнди Иран тарийхында он төртинши президентлик сайлаўлары күни деп есаплаў мүмкин», – деди Эсламий.

19-май күни Иран президенти Ибраҳим Раисий болған вертолёт Әзербайжан жанындағы таўларға қулап түсти. Президенттиң ўазыйпалары 50 күнге биринши орынбасары Муҳаммад Мухбирге өткерилди. Иран нызамларына бола, елиў күннен кейин жаңа сайлаўлар шөлкемлестирилиўи керек.

Еслетип өтемиз, Иран президенти менен бирге вертолёт бортында сыртқы ислер министри Ҳусайн Амир Абдуллахон ҳәм басқа бир қатар Иран рәсмийлери де болған. Сыртқы ислер министриниң орынбасары Али Багҳери Кани Ислам Республикасы СИМ баслығы ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги