Соңғы жылларда мәмлекетимиз тәрепинен миллий қәдириятларымызға болған дыққат-итибардың күшейиўи, әсиресе, алыс аўылларда жасаўшы қыз-келиншеклердиң тигиўшилик пенен шуғылланып өзин-өзи бәнт етиўи, оқыў курсларына қатнап шеберлигин арттырыўы ушын жаратылып атырған мүмкиншилик ҳәм қолайлықлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Жыл сайын шебер ҳаял-қызларымыздың саны артпақта.
Мойнақ районындағы Арал мәкан пуқаралар жыйынында Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен шебер ҳаял-қызлардың қатнасыўында «Гөззаллық нағыслар жылаўында» атамасында миллий кийимлер көргизбеси шөлкемлестирилди.
Онда атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларды кәсипке оқытыў, бәнтлигин тәмийинлеў, исбилерменликке тартыў, илим ҳәм билим алыў имканиятларын кеңейтиў, руўхый дүньясын байытыў мәселелерине айрықша дыққат аўдарылған.
Сондай-ақ, шаңарақлық қәдириятларды беккемлеў ҳәм жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў бойынша да нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Көргизбеде қатнасыўшылар шебер қызлар тәрепинен тигилген миллий кийим-кеншеклерди, нағысларға толы көрпе-төсек ҳәм басқа да буйымларды тамашалап пикир алысыў имканиятына ийе болды.
Мойнақ районы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими тәрепинен илажға белсене қатнасқанлар ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги