Россия чемпионатының 29-турында ЦСКА сапарда «Нижний Новгород» командасын үлкен есапта жеңди.
Ушырасыўда Аббосбек Файзуллаев командасының еки голына ассистентлик етти. Сол тәризде өзбекстанлы 20 жасар ярым қорғаўшы Премер-лиганың бул мәўсиминде 10+ упай (4 гол ҳәм 7 ассист) топлаған ең жас футболшыға айланды.
Буннан тысқары, ҳүжимши футболшымыз Россия кубоги жарысы шеңберинде он беллесиўде бир гол ҳәм үш ассист авторы болған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги