Дәслепки мағлыўматлар бойынша 2024-жылдың январь-март айларында республикамыздағы өндирислик кәрханалар тәрепинен 5159,4 миллиард сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылған болып, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда өсиў пәти 107,6 процентти қурады.

Санаат өндириси  қурамында ең үлкен үлес өндирислик санаат кәрханаларына (қайта ислеў санааты) туўра келип, ислеп шығарылған өнимлердиң көлеми 4091,9 миллиард сум, яғный улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң 79,3 процентин қурады.

Электр, газ, пуў менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаў  кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көлеми 963,6 миллиард сумды (улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери көлеминиң 18,7 процентин) қурады.

Таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерди ислеў кәрханалары тәрепинен 2024-жылдың январь-март айларында ислеп шығарылған өнимлердиң муғдары 80,8 миллиард сумды, яғный улыўма ислеп шығарылған санаат өнимлери муғдарының  1,6 процентин қурады.

Ал, суў менен тәмийинлеў, канализация, шығындыларды утилизациялаў кәрханалары тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көлеми 23,1 миллиард сумды (жәми ислеп шығарылған өнимлер көлеминиң 0,4 процентин) қурады.

 

                                                         Муҳаббат Курбанова,

Қарақалпақстан Республикасы Статистика

басқармасы Санаат статистикасы бөлиминиң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги