Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында белгили түркмен шайыры ҳәм ойшылы Мақтымқулы Пирағый атындағы мәденият ҳәм дем алыў бағы комплексиниң салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.

Комплекстиң салтанатлы ашылыў мәресиминде Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов қатнасты.

Бағдың орайлық бөлими – Мақтымқулы Пирағый естелиги болып табылады. Бронзадан исленген естеликтиң бийиклиги 60 метр, тырнағының диаметри 25 метр. Естелик дүньяға белгили жазыўшылардың 24 ескерткишин бирлестирген жаңа мәденият ҳәм дем алыў бағы комплексиниң орайлық бөлимине айланды.

Мақтымқулы естелиги әтирапында дүнья ойшыллары ҳәм белгили адамларының ескерткишлери орнатылды. Атап айтқанда, комплексте Оноре де Балзак, Иоган Волфганг Гёте, Рабиндранат Тагор, Уилям Шекспир, Фёдор Достоевский, Данте Алигери, Саят-Нова ҳәм басқа көплеген дүнья әдебиятының жарқын ўәкиллериниң саўлатлы ескерткишлери бой тиклеген.

Комплексте уллы өзбек шайыры Әлийшер Наўайы естелиги де өзиниң мүнәсип орнын ийеледи. Естеликтиң ашылыў мәресиминде мийманлар уллы шайырдың өзбек халқы мәнаўиятының ажыралмас бөлеги болған ҳәм кейинги дәўирлер лирикасына үлкен тәсир көрсеткен бийтәкирар дөретиўшилик мийрасын айрықша атап өтти. Дөретиўши топарлар тәрепинен Әлийшер Наўайы шығармалары өзбек ҳәм түркмен тиллеринде атқарылды.

Түркменстан ҳүкимети ағзалары, дипломатиялық корпус ҳәм халықаралық шөлкемлер ўәкиллери ескерткишлерге гүл қойды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги