Қазақстан Сенатының экс-спикери, Миллет жолбасшысы Нурсултан Назарбаевтың туңғыш қызы Дариға Назарбаева әкесиниң фондына басшылық ететуғын болды. Күни кеше ол фонд директоры сыпатында пайтахттағы коворкинг орайының ашылыўында қатнасты.

«Нурсултан Назарбаев фондының директоры Дариға Назарбаева «Бирге ислесиў» коворкинг орайының ашылыў мәресиминде қатнасты», – делинеди Нур-Султан қаласы ҳәкимияты сайтында.

Бул орайды қала ҳәкимшилиги менен Назарбаев фонды биргеликте шөлкемлестирди. Бул жерде көп балалы ҳаяллар, жалғыз баслы аналар, айрықша тәрбияға мүтәж балаларды тәрбиялап атырған ҳаяллар, кем тәмийинленген пуқаралар ҳәм аўыр турмыслық шараятта жасап атырған балалар, майыплар оқытылады.

«Назарбаева орайдың материаллық-техникалық базасы менен танысып, ханаларды көзден өткерди», делинеди хабарда.

Бул орай барлық бағдарда оқыў курсларын шөлкемлестиреди. Азық-аўқат ислеп шығарыў, мәлимлеме технологиясы, гөззаллық санааты, тигиўшилик, кийиз таярлаў жумыслары, медиа тараўлары усылардың қатарына киреди. Орайда ҳәр жылы 1 800 ҳаял оқытылады. Оқыў курсларының даўамлылығы бир айдан үш айға шекемги мүддетти өз ишине алған.

Орай хызметкерлериниң айтыўынша, курсларды тамамлаған ҳаяллар өзлериниң бизнесин ашыў имканиятына ийе болады. Бул ушын олар «Мийнет» мәмлекетлик бағдарламасы бойынша 505 мың тенге муғдарында грант алыўы мүмкин.

Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев быйыл май айының басында Назарбаеваның Сенаттағы басшылық ўәкиллигин тоқтатқан еди. Соннан берли Елбасының қызы ҳаққында ҳеш нәрсе айтылмаған еди. Оның отставкаға кетиў себеплери ҳаққында да рәсмий ҳеш нәрсе делинбеген.

 

ӨзА