14-августтан баслап Японияның Нагоя қаласының ең үлкен саўда орайларынан бири – «OASIS 21» саўда орайында Өзбекстанның туризм потенциалына бағышланған видеороликлер көргизбеси басланды.
Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети «OASIS 21» саўда орайы 2002-жылда пайдаланыўға тапсырылған Японияның ең үлкен саўда орайларынан бири екенлигин айтпақта. «OASIS 21» Нагоя телеминарасының жанында жайласқан болып, заманагөй ресторанлар, саўда дүканлары ҳәм мәдений-кеўил ашар комплекслерге ийе.
Бул роликтиң көрсетилиўи Өзбекстанда туризм тараўын раўажландырыў, елимизге туристлердиң келиўин көбейтиўге хызмет етеди, деген нийеттемиз.
Япониядан Өзбекстанға 2018-жыл январь-июль айларында жети мыңнан аслам турист келген болса, быйыл бул көрсеткиш дерлик 11 мың адамды қурамақта. Жыл жуўмағына шекем олардың санының және де артыўы күтилмекте, өйткени туризм мәўсими еле даўам етпекте.
ӨзА