Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтында Орайлық Азияда аўыл хожалығының турақлы раўажланыўы мәселелерине бағышланған симпозиум өз жумысын баслады.

Германияның Гисен университети менен биргеликте шөлкемлестирилген конференцияда Қубла Кореяның Кангвон Миллий университети, Ташкенттеги халықаралық шөлкемлер, мәмлекетимиздеги жоқарыў оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў мәкемелериниң ўәкиллери қатнаспақта.

«Орайлық Азияда аўыл хожалығының турақлы раўажланыўы» бағдарламасы бойынша исленген баянатлар, соның ишинде, Германияның Гисен университети профессоры Мартин Петриктиң «Социаллық-экономикалық илимлердиң аўыл хожалығының раўажланыўындағы орны» ҳәм Корея Республикасының Кангвон Миллий университетиниң профессоры Кианг Рианг Кимниң «Орайлық Азиядағы суўғарылатуғын аўыл хожалығы егинлерин диверсификациялаў: реформалар ҳәм оның социаллық ақыбетлери» темасындағы баянатлары қатнасыўшыларда үлкен тәсир қалдырды.

SUSADICA бағдарламасының мақсети Орайлық Азияда аўыл хожалығының турақлы раўажланыўына байланыслы мәселелерге қаратылған экономикалық, социаллық ҳәм экологиялық турақлылықты сәўлелендиретуғын 5 бағдарда илимий-изертлеўлер алып барыўдан ибарат.

Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтында да усы мақсетлерди әмелге асырыў бойынша изертлеўшилерге қолайлы илимий орталық жаратылған. Бул структуралық докторантура бағдарламасы даўамында турақлы түрде университетте PhD изертлеў тренинглери, ҳәр қыйлы абырайлы илимпазлар ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллериниң баянатлары, семинар ҳәм конференциялары, түрли презентациялары өткериледи.

Бул болса келешекте SUSADICA  структуралық докторантура бағдарламасы

даўамында Орайлық Азияда аўыл хожалығының турақлы раўажланыўының тийкарғы бағдарлары бойынша алдынғы методологиялық илимий-изертлеў жумысларының жаратылыўына хызмет етеди. Орайлық Азия ҳәм Европа илимпазлары және студентлерин бирлестиретуғын платформа жаратыў арқалы аўыл хожалығы ҳәм социаллық тараўлардың илимпазлары арасындағы бирге ислесиўди күшейтеди. Атап өтилгениндей, бул тәжирийбе басқа да университетлер ҳәм бағдарларға жоқары дәрежедеги билимлендириў стандарты, халықаралық бирге ислесиў ҳәм академиялық нәтийжелери менен бир пүтин модель сыпатында үлги болады.

Және бир мағлыўмат: Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Академиялық инновациялық фонды (АИФ) гранты тийкарында институтта «Аграр инновациялар ҳәм ресурслардан пайдаланыў бойынша предметлераралық экономикалық лаборатория» жойбары жумыс басламақта. Бул экспериментальлық лаборатория экономикалық ҳәм техникалық – инженерлик пәнлерди бир-бирине байланыстырған ҳалда жумыс алып барады. Оқыў бағдарламаларын жетилистириўде жойбар қатнасыўшылары ушын Германия ҳәм Ташкентте ҳәр қыйлы темаларда, соның ишинде, сын көзқарастан қатнас жасаў, академиялық жазыў, презентация өнери бойынша семинар-тренинглер шөлкемлестириледи.

Бул конференция да аўыл хожалығының инновациялық, турақлы раўажланыў өзгешеликлерин үйрениўге, Өзбекстанда келешекте илим жетискенликлериниң раўажланыўында айрықша әҳмийетке ийе болады.

 

Моҳигул ҚОСИМОВА,

ӨзАның хабаршысы