Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен «Жаңа жыл қайырқомлық аукционы» шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев, басқарма басшылары ҳәм қәнигелери, мәкеме ҳәм шөлкем ўәкиллери, сондай-ақ 30 дан аслам исбилерменлик субъектлери қатнасты.
Илажды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – Нөкис қаласындағы «Мүриўбет» үй-интернатының тәрбияланыўшылары болған имканияты шекленген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўдан ибарат.
Аукцион шеңберинде «Мүриўбет» үй-интернаты тәрбияланыўшылары тәрепинен исленген өнерментшилик буйымлары, тоқымашылық ҳәм тигиўшилик өнимлери, пластикалық буйымлардан исленген композициялары сыяқлы 50 ге шамалас қол мийнетлери аукционға қойылды.
Қайырқомлық илажда белсендилик көрсеткени ушын исбилерменлерге, АКБ “Миллий банк” Қарақалпақстан бөлимине ҳәм денсаўлықты сақлаў тараӯы хызметкерлерине миннетдаршылық билдирилип, себеп пенен олар өз-ара сәўбетлесиў, пикир алысыў имканиятына ийе болды.
Қол мийнети менен қурамалы усылда исленген “Пионы” картинасы ҳәм “Жақты үй” атамасындағы қурамалы композиция ең жоқары баҳаларда сатылды.
Аукционнан жыйналған қаржылар толығы менен “Мүриўбет” үй-интернатының есап-бетине өткерилип берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги