Кеше азанда Қазақстанның Ақтаў қаласы жақынында самолёты апатшылыққа ушыраған Әзербайжан ҳаўа жоллары авиакомпаниясы апатшылық себеплерин тексериў жумыслары жуўмақланғанға шекем Бакуден Грозный ҳәм Махачқалаға пәрўазларды тоқтатыўға қарар етти.

Бул ҳаққында компания баспасөз хызмети хабар бермекте.

Бул мағлыўматларға бола, “AZAL”дың басқа жөнелислерине пәрўазлар турақлы кесте тийкарында әмелге асырылмақта.

ӨзА