Елимиз бойлап Жаңа жыл байрамы алдынан балаларға арналған кеўилашар илажлардың өткерилиўи даўам етпекте.

Бүгин, Шоманай районы ҳәкимлиги алдындағы майданшада балалар ушын арналған байрам саўғаларын тапсырыў мәресими болып өтти.

Мәресимде район ҳәкими А.Аметов жыйналғанларды Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Онда сектор баслықлары ҳәм тийисли уйымлардың ўәкиллери қатнасып, жәми 5 балаға “Президент саўғасы” тапсырылды.

Бул саўғалар ата-анасынан ерте айырылған, қараўсыз қалған ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған балаларға берилди.

Елимиз бойлап өткерилип атырған бундай илажлардан тийкарғы мақсет – балаларға ғамхорлық ҳәм итибарды көрсетиў, байрамда оларды қуўантыў болып, усындай илажлар арқалы олардың турмысында жақсы өзгерислерди жүзеге келтириў ушын әҳмийетли қәдем болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги