«Жүз жүзге түскенде, ийман ишке түседи» дейди дана халқымыз. Шынында да сағынған инсанларың менен дийдарласқанға не жетсин.  Бүгин заманагөй технологиялар әсиринде кимдидур сағынсаңыз, оны көриў ушын узақ жол басып жүрмейсиз.

Қолыңыздағы смартфон мыңлаған шақырымдағы адам менен сизди жүзлестире алады. Бурынғы ўақытлары қураллы күшлер қатарында хызмет еткен жигитлер қолына қәлем алып өз жақынларына хат жазатуғын яки имканын таўып оларға телефон арқалы қоңыраў ететуғын еди.

Ал, ҳәзир болса, заман менен тең қәдем атып атырған әскерлеримиз ата-анлары менен видеоконференц-байланыс арқалы онлайн дийдарласыў бахтына миясар болмақта.

Әне, усындай ушырасыўлардың бири Нөкис гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында болып өтти.

«Ўатансүйиўшилик айлығы» шеңберинде өткерилген телебайланыста Қарақалпақстаннан Самарқанд ўәлаятына әскерий хызметке жиберилген әскерлер ҳәм Самарқанд ўәлаятынан Нөкис гарнизонындағы әскерий бөлимлерде өзлериниң азаматлық миннетин өтеп атырған жигитлердиң ата-аналары ҳәм жақынлары менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

«Әскер аналарын даңққа бөлеймиз!» сүрени менен өткерилген бул илаж оғада тәсирли ўақыяларға толы болды. Онда ата-аналар перзентлери менен дийдарласып, оларға әўметлер тилеп қалды. Ал, әскерий кийим кийген жигитлер болса, өзлериниң жигерли ис-ҳәрекети ҳәм сөзлери менен бүгин ҳақыйқый Ўатан қорғаўшысы болғанын көрсетти.

Илажда бир топар қарақалпақстанлы ата-аналар әскерий бөлим  командириниң миннетдаршылық хаты менен сыйлықланды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы