Нөкис қаласында Қарақалпақстанда туризм тараӯын раӯажландырыӯ бойынша шөлкемлестирилген Муӯапықластырыӯ Кеңесиниң мәжилиси болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасында туризм тараӯын раӯажландырыӯ бойынша қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди таллаў нәтийжелери ҳәм туризмди буннан былай да раӯажландырыӯ бойынша нызамшылыққа жаңа усыныслар киргизиў бағдарында пикир-усыныслар тыңланды.

Сондай-ақ, мәжилисте “DMO Karakalpakstan” шөлкеминиң жаңа веб-сайты (https://dmo-karakalpakstan.uz/) ҳәм сувенир өниминиң презентациясы болып өтти.

Атап айтқанда, жаңа 2025-жылдан баслап Арал теңизиниң қумы сувенир сыпатында қайта исленип, ғалаба сатыўға шығарылыўы режелестирилип атыр. Буннан тийкарғы мақсет – Қарақалпақстанда Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде келип шыққан экологиялық машқалаға дүнья итибарын қаратыў болып есапланады.

Ықшам ҳәм тартымлы етип таярланған өзгеше сувенир өними ғалаба түрде сатыӯға 2025-жылдың январь айынан баслап шығарылыўы күтилмекте.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги