Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша миллий комиссияның гезектеги мәжилиси болып өтти.

Сенат Баслығы, Миллий комиссия басшысы Танзила Норбоева басқарған мәжилисте адам саўдасы ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, халықаралық бирге ислесиў шеңберинде ерисилген нәтийжелер ҳәм келешектеги ўазыйпалар додаланды.

Мәжилисте өткен 11 айда турақлы нәтийжелерге ерисилгени, тараўға тийисли ҳуқықый тийкарлар жетилистирилгени атап өтилди.

«Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай» бағдарламасы қабыл етилгени нәтийжесинде кәмбағаллықты қысқартыў улыўма миллий ҳәрекетке айланды.

Президентимиздиң «Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик тараўында мәмлекетлик сиясатты жетилистириў ҳәм нәтийжелиликти арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары менен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жаңа ўазыйпалар белгиленди.

Мийнет базарындағы структуралық машқалаларды анықлаў ҳәм турақсызлықлардың алдын алыў,халықаралық стандартларды енгизиў, мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы, мүнәсип мийнет шараятлардын тәмийинлеў, халықаралық  бирге ислесиўди күшейтиў, Халықаралық мийнет  шөлкеми (ХМШ) менен жедел биргеликте ислеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мийнет инспекциясының ўәкилликлери кеңейтилди. Инспекцияға мийнет ҳуқықлары ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызамшылыққа әмел етилиўи бойынша тексериўлерди ҳеш бир тосықларсыз өткериў ўәкиллиги берилди.

Миллий нызамшлығымызда халықаралық стандартлар ҳәм нормаларды басқышпа-басқыш енгизиў бағдарында сезилерли нәтийжелерге ерисилди. Соның ишинде, ХМШтың 5 конвенциясы ратификацияланды.

Адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша де тийисли нормативлик ҳүжжетлер ислеп шығылды. Адам саўдасына тийисли ҳәм оған түрлес болған жынаятлар ушын жуўапкершилик шараларын күшейтиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары Сенаттың екинши жалпы мәжилисинде мақулланды.

Мәжилисте мүнәсип мийнет шараятларын тәмийинлеўге байланыслы кемшилислерди кескин сынға алды. Миллий комиссия тәрепинен тастыйықланған «Адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип мийнет мәселелери бойынша әмелге асырылатуғын илажлар бағдарламасы»нда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў, нәтийжелерди мониторинг етип барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Бир ай мүддетте қәнигелерди тартқан ҳалда «Мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасы» миллий бағдарламасының жойбарын ислеп шығып, Ҳүкиметке киргизилиўин тәмийинлеў керек екени уқтырылды.

Бас прокуратура менен биргеликте пахта мәўсиминде мәжүрий мийнет бойынша келип түскен ҳәр бир мүрәжатты толық қайта үйренип, жуўапкер басшылардың жумысына ҳуқықый баҳа берилиўин тәмийинлеў илажларын көриў керек екени қатаң билдирилди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Жумыс бериўшилер Конфедерациясы менен биргеликте экономиканың барлық тараларында тигиў-тоқымашылық, жипекшилик, улыўма аўқатланыў ҳәм хызмет көрсетиў тараўларында пуқаралық жәмийети ўәкиллерин тартқан ҳалда хызметкерлердиң мийнет ҳуқықларының тәмийинлениўи, мүнәсип мийнет шараятлары жаратылыўын мониторинг етиў жумысларын сапалы шөлкемлестириў, бунда мониторинг өткериў методологиясын еки ай мүддетте ХМШ экспертлери менен биргеликте ислеп шығыў ҳәм Миллий комиссияға киргизиў ҳәм келисиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте адам саўдасы менен байланыслы жумысларды тергеў әмелиятында да бир қатар машқалалар сақланып қалып атырғаны атап өтилди. Социаллық тармақлар арқалы Ишки ислер министрлиги хызметкерлериниң адам саўдасы менен байланыслы айырым тергеў жумысларын терең талалмаған ҳалда алып барып атырғаны, айырым жағдайларда судта да өз тастыйығын тапқан.

Мүрәжатлардың анализине бола, адам саўдасы бойынша келип түскен 673 арзадан, 493 и(73 проценти) бойынша жынаят исин қозғатыў бийкар етилген. Усы сыяқлы жағдайлар Наманган, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Бухара ўәлаятларында жоқары көрсеткишти қураған.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери он бес күн мүддетте аймақларда адам саўдасына қарсы гүресиў ҳәм мүнәсип  мийнет принциплерин алға қойыў бағдарында әмелег асырылып атырған жумысларды сын көзқарастан таллаған ҳалда, нәтийжелерди аймақлық комиссия жыйынларында додалаў тапсырылды.

Миллий ҳәм аймақлық комиссия ағзалары, жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан илажда әмелге асырылып атырған жумыслар, жол қойылған кемшиликлер ҳәм келешектеги ўазыйпалар бойыша Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Социаллық мийнет мәселелери бойынша үш тәреплеме комиссия, тийисли министрлик ҳәм уйымлар, аймақлар басшыларының мәлимлемеси тыңланды.

Соның менен бирге, мәжилисте келешектеги ўазыйпалар белгиленди. Мәмлекетимизде мүнәсип мийнет принциплерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, пуқаралардың мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, адам саўдасына қарсы гүресиў бойынша белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында, сапалы орынланыўы зәрүр екени атап өтилди.

Ҳәр бир бағдар бойынша терең таллаўлар ҳәм алдынғы сырт елли ҳәм халықаралық тәжирийбе тийкарында 2025-жыл ушын илажларды белгилеў, ХМШ менен биргеликте Өзбекстан Республикасында мүнәсип мийнет бойынша 2021-2025-жылларға мөлшерленген мәмлекет бағдарлама шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын таллаған ҳалда 2026-2030-жылларға мөлшерленген мәмлекетлик бағдарлама жойбарын ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

​Норгул Абдураимова, ​Рустам Назарматов (сүўрет), ӨзА