«2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2025-жыл 1-январьдан, бюджет системасының бюджетлери есабынан объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары бойынша өткерилген мәмлекетлик сатып алыўларға тийкарланып қурылыс мүддети үш айдан кем болған объектлерге биринши айда объект баҳасының 30 проценти муғдарында аванс қаржылары ажыратылады, кейинги төлемлер белгиленген тәртипте қаржыландырылады.
2026-жыл 1-январьға шекем сынақ түринде, жойбар-смета ҳүжжетлериниң баҳасы БЕМның 6 мың есесинен аслам болған жойбарлар (объектлер) бойынша төмендегилер тәрепинен экспертизадан өткериледи:
– көлем, техника ҳәм смета бөлеги (баҳа бөлегинен тысқары) – «Қала қурылысы ҳүжжетлерин экспертизалаў республикалық орайы»ДМ тәрепинен;
-товар, жумыс ҳәм хызметлериниң баҳа бөлеги – «Жойбарларды ҳәм импорт контрактларын комплексли экспертизалаў орайы» МУК тәрепинен;
-БЕМниң 6 мың есесине шекемги жойбарлар (объектлер) бойынша қала қурылысы ҳүжжетлери «Қала қурылысының ҳүжжетлерин экспертизалаў республикалық орайы» ДМ тәрепинен.
2025-жыл 1-апрельге шекем қурылысы жуўмақланған объектлерди пайдаланыўға қабыл етиў процесслерин толық санластырыў арқалы ашық-айдын система енгизилиўи тәмийинленеди.
2025-жыл 1-июльге шекем үлгили ҳәм қайтадан қолланылатуғын жойбар ҳүжжетлери бойынша электрон каталоглардың жаратылыўы ҳәм «Ашық-айдын қурылыс» миллий мәлимлеме системасына жайластырылыўы тәмийинленеди.
ӨзА