Фармацевтика өнимлерин ислеп шығыў, тарқатыў ҳәм инновацияларды раўажландырыў бойынша мәмлекетимиз көплеген мәмлекетлер менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойып келмекте.
Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлигиниң директоры Абдулла Азизов “ACDIMA” (Arab Company for Drug Industries and Medical Appliances) компаниясының ўәкиллери менен ушырасыў өткерди.
“ACDIMA” фармацевтика тараўында жетекши компаниялардан бири болып, регионаллық ҳәм халықаралық базарларда жоқары сапалы дәри-дәрмақлар, медициналық әсбап-үскенелер ҳәм биотехнологиялық өнимлерди ислеп шығарыўда жумыс алып барады. Компания өзиниң алдынғы технологиялары, маман кадрлар базасы ҳәм инновациялық жойбарларға садықлығы менен танылған.
Өз-ара бирге ислесиў имканиятлары додаланған ушырасыўда “ACDIMA” компаниясының ўәкиллери жергиликли бирге ислесиўшилер менен биргеликтеги инвестицияларды үйрениў, жаңа бағдарларды анықлаў ҳәм имканиятларды нәтийжели раўажландырыў бойынша өз қызығыўшылықларын билдирди.
ӨзА