Орайлық банктиң мағлыўматларына бола, быйылғы жылдың 1-декабрь жағдайына  айланыстағы банк карталарының саны дерлик 56,9 миллионға жеткен. Быйылғы жылдың өткен 11 айы даўамында банклер тәрепинен 10,6 миллионнан көбирек карта эмиссия етилген.

Жылдың өткен дәўиринде айланысқа шығарылған карталардың 7,3 миллионнан  асламы 6 банктиң үлесине туўра келген.

Есабат дәўиринде орнатылған банкомат ҳәм инфокиосклердиң саны 3081ди қурап, олардың улыўма саны 29 736ға жеткен.

Орнатылған төлем терминаллары жыл басына салыстырғанда 2 мың 680 ге азайып,426,7 мыңды қураған.  Оған төлемлерди қабыл етиўде альтернатив усыллардан пайдаланыўдың кеңейиўи себеп болыўы мүмкин.

Ш.Маматуропова, ӨзА