Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ екинши сессиясы ҳаққында мәлимлеме

437

Усы жыл 26-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ екинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Дәслеп Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Ресубликаларының мәмлекетлик гимнлери атқарылды.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары менен республикамызда кең көлемли дөретиўшилик жумыслар әмелге асырылмақта.

Жақында Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың баслы ўазыйпаларына арналған мәжилисте Президентимиз Қарақалпақстанда быйылғы жыл – берекетли жыл болды, деп айрықша атап өткен еди.

Ҳақыйқатында да, быйылғы жыл “Қарақалпақстан жылы” болды, десек алжаспаған боламыз. Соңғы жыллар қатарында быйылғы жылда да көплеген жоқары шеклерге ерисилди, халқымыздың турмыс абаданлығын арттырыў бойынша көплеген жеңилликлер берилди, бул өз гезегинде пуқараларымыздың бүгинги турмысынан разылығында өзиниң айқын сәўлелениўин таўып атыр.  Әлбетте, бундай көрсеткишлерге ерисиўде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген, жүдә әҳмийетли болған 15 тен аслам тарийхый пәрман ҳәм қарарлардың орны айрықша.

Соны қанаатланыўшылық пенен атап өтиў керек, усы мәжилисте көтерилген барлық мәселе ҳәм ҳәр бир баслама Президентимиз тәрепинен толық қоллап-қуўатланды ҳәм тийисли тараў басшыларына анық тапсырмаларды белгилеп берди.

Сессияда Жоқарғы Кеңес Баслығы усындай кең имканиятлардың жаратылып берилиўи арқалы келеси 2025-жылда әмелге асырылыўы тийис баслы мақсетлерге ерисиў бойынша анық режелер белгилеп алынғанлығын атап өтти.

Күн тәртиби бойынша дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қурамын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылып,  депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги және бир мәселе Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарларын ҳәм Министрлер Кеңесиниң ағзаларын тайынлаў ҳаққындағы мәселе болып, өткен биринши сессия мәжилисинде Министрлер Кеңесиниң қурамындағы лаўазымлар тастыйықланғанлығы, сондай-ақ, Министрлер Кеңеси қурамына киргизилетуғын лаўазымларда ислеп атырған басшылар өз ўазыйпаларын ўақтынша атқарыўшы болып ислеп турыўы белгиленгени атап өтилди.

Сессияда Президентимиздиң арнаўлы қарары менен Министрлер Кеңеси Баслығының қаржы, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары бир ўақыттың өзинде Экономика ҳәм қаржы министри лаўазымында жумыс алып баратуғыны, сондай-ақ, Министрлер Кеңеси Баслығының аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары – Аўыл хожалығы министри лаўазымында жумыс алып баратуғыны белгиленгенлиги айрықша атап өтилди.

Сессияда Министрлер Кенеси Баслығының усынысы менен  Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасарлары ҳәм Министрлер Кеңесиниң ағзалары лаўазымларына талабанлар усынылды. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң ағзалары тийисли лаўазымларға тайынланды.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Қарақалпақстан Республикасының 2025-жылғы мәмлекетлик бюджети параметрлери туўралы мәселе болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары – Экономика ҳǝм қаржы министри Н.Ерлепесов баянат жасады.

Президентимиз тәрепинен өткен дәӯирлерде алып барылған экономикалық реформалардың нәтийжелери ҳәм келеси дәӯир ушын мөлшерленген реформалар шараятында, жалпы ишки өнимлердиң көлемин 2030-жылда 200 млрд. долларға алып шығыӯ ӯазыйпасы белгилеп берилмекте.

Усы мақсетлерге ерисиӯ ушын экономикалық өсиў пәтлерин 2024-2025-жылларда 6,1 процент, 2026-жылда 6,2 процент ҳәм 2027-жылда 6,3 процент дәрежесине ерисиӯ арқалы “Өзбекстан-2030” стратегиясында белгиленген дәрежеге жеткериў белгиленген.

Бул бойынша Қарақалпақстан Республикасының 2025-жылғы макроэкономикалық көрсеткишлер режелери ҳәм 2026-2027-жыллар ушын мөлшерленген режелери белгилеп алынды.

Бунда, 2025-жылда экономикалық тармақлардың турақлы өсиўин тәмийинлеӯ ушын санаат өнимлерин ислеп шығарыӯ, қурылыс жумыслары, аӯыл хожалығы ҳәм базар хызметлеринде өсимди тәмийинлеў прогноз етилмекте.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық көрип шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Сессияда Өзбекстан Республикасы Есап палатасы инспекторы Б.Мирзоев баянат жасады.

“2025-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында”ғы нызам менен Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң 2025-жыл ушын дәрамат ҳәм қәрежетлери және республика бюджетинен ажыратылатуғын трансфертлердиң муғдары белгилеп берилди. Усы нызам менен Қарақалпақстан Республикасы бюджетин қәлиплестириў ҳәм орынланыўын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине бир қатар қосымша ўәкилликлер берилди.

Мәмлекетимиз басшысының арнаўлы пәрманы қабыл етилип, онда бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўда жәмийетлик қадағалаўды ҳәм халық ўәкиллериниң бюджет процесслериндеги қатнасын және де кеңейтиў нәзерде тутылды.

Пәрман менен аймақлық бюджетлердиң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабаттың сыртқы аудити нәтийжелери ҳәм келеси жыл ушын бюджет жойбарын баҳалаў бойынша Есап палатасының жуўмақлары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары Кеңеслериниң мәжилислеринде Есап палатасының жуўапкерлериниң қатнасыўында додаланатуғыны белгиленди.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «Әменгерлик ҳәм қәўендерлик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң Социаллық-мәдений раўажланыў, жаслар сиясаты, туризм ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитетиниң баслығы М.Атамуратов баянат жасады.

Бүгинги күнде елимизде Президентимиздиӊ басшылығында жетим ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға, олардың нызамлы мәплери менен ҳуқықларын қорғаўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кеӊ көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда Қарақалпақстанда да бир қатар ийгиликли жумыслар даўам етип, усы илажларды еле де жетилистириў, әменгерлик ҳәм қәўендерликтиң белгилениўине мүтәж болған инсанларды өз ўақтында анықлаў, есапқа алыў ҳәм жайластырыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыў мақсетинде «Әменгерлик ҳәм қәўендерлик ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамының жойбары ислеп шығылды.

Нызам жойбарының тийкарғы мақсети әменгерлик ҳәм қәўендерлик институтының бирден-бир нызамшылық ҳәм ҳуқықый тийкарларын, сондай-ақ, нызамшылыққа әмел етилиўиниң, әменгерлик ҳәм қәўендерликке мүтәж пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўдиң реал ҳуқықый кепилликлерин жаратыўдан ибарат.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық көрип шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе “Дийқан хожалығы ҳаққында”ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары туўралы болып, бул мәселе бойынша Жоқарғы Кеңестиң аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитетиниң баслығы А.Жуманазаров баянат жасады.

«Дийқан хожалығы ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары Өзбекстан Республикасының тийисли Нызамы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли қарарларына тийкарланып ислеп шығылды.

Нызам менен дийқан хожалығын жүргизиў ушын 0,06 гектардан – 1 гектарға шекемги жер участкаларын бериў (алдын суўғарылатуғын жерлерде 0,35 га. шекем берип келинген), фермер ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары тәрепинен тийкарғы егиннен босаған жер майданларында дийқан хожалығы менен шуғылланыў ушын бир жылға шекемги мүддетке ижара тийкарында 0,06 гектардан – 10 гектарға шекем жерлерди бериў, дийқан хожалығының аўыл хожалығы өнимлерин реализациялаўдан алынған дәраматларына салық салынбаўы сыяқлы әҳмийетли мәселелер нәзерде тутылмақта. Бул мәселе де толық көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан-2030” стратегиясы ҳаққында”ғы Пәрманы талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың мәплерин қорғаў, гендер теңлигин тәмийинлеўде әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Министрлер Кеңесиниң мәлимлемеси туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы М.Ахмедова баянат жасады.

Бул мәселе де толық көрип шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 25-декабрьдеги «2024-2026-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары хаққында»ғы қарары талапларының Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы бойынша Министрлер Кеңесиниң есабаты туўралы болып, бул мәселе бойынша Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Даулетяров баянат жасады.

Соңғы жыллары республикамызда кең көлемли қурылыс, абаданластырыў ҳәм дөретиўшилик жумыслары алып барылмақта. Атап айтқанда, Президентимиздиң усы арнаўлы қарары тийкарында республикамызда қурылыс-оңлаў жумыслары жедел әмелге асырылмақта.

Быйылғы Инвестициялық бағдарлама шеңберинде 132 социаллық тараў ҳәм инфраструктуралық объектлерде 810,7 миллиард сумлық жумыс орынланған болып, 119 объектте қурылыс жумыслары жуўмақланған.

Соның ишинде, 6 денсаўлықты сақлаў объектинде 45,0 млрд. сумлық жумыс көлеми орынланып, барлық объектлер пайдаланыўға тапсырылды. 4 спорт объектинде 53,9 млрд. сумлық жумыс көлеми орынланды. Нөкис қаласындағы Сәрбиназ МПЖда Қарақалпақстан тәбийғый илимлер илим-изертлеў институты имаратын толық оңлаў жумыслары алып барылып, илим тараўында излениўлер алып барып атырған илимпазларымызға жақсы шараятлардың жаратылыўына ерисилди.

17 ишимлик суўы тәмийнаты объектинде 124,3 млрд. сумлық жумыс көлеми орынланып, 13 объект тапсырылды. Мәҳәллелерде бағдарлама шеңберинде 172,1 километрлик ишимлик суўы тармақлары тартылды ҳәм реконструкцияланды. Нәтийжеде 47,7 мыңнан аслам адамның ишимлик суўы тәмийнатының жақсыланыўына ерисилип, ишимлик суўы менен тәмийинлениў дәрежеси 72,4 проценттен 74,8 процентке жеткерилди.

23 ирригациялық ҳәм мелиорациялық объектлерде 124,7 млрд. сумлық, 16 автомобиль жоллары объектлеринде 120,6 млрд. сумлық жумыслар орынланды ҳәм 10 объект пайдаланыўға тапсырылды.

Сондай-ақ, 35 мектеп ҳәм 8 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қурыў, реконструкциялаў жумыслары алып барылмақта.

Бүгинги күнде жәми 41 объектте қурылыс жумыслары жуўмақланған ҳәм қалған 2 объектте жумыслар жуўмақланбақта. Қурылыс жумыслары нәтийжесинде 10 738 оқыўшы орны жаңадан жаратылды ҳәм  3-6 жастағы 1950 бала мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине қамтып алынды.

Нәтийжеде мектеплерде қамтып алыў коэффициенти 1,1 ден 1,08 ге түсирилди, бақшаларда қамтып алыў 81,2 проценттен 84 процентке арттырылыўына ерисилди.

Күн тәртибиндеги бул мәселе де толық көрип шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибинде Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы авариялық жағдайдағы оңлаў талап етилетуғын көпирлердиң мәнзилли дизимин тастыйықлаў туўралы мәселе көрип шығылды.

Сессияда Президентимиздиң арнаўлы қарары тийкарында Ислам раўажланыў банки ҳәм ОПЕК халықаралық раўажланыў фондының қатнасыўындағы “Аўыллық жерлерди турақлы раўажландырыў” жойбары есабынан Қарақалпақстанда социаллық тараў, инфраструктуралық объектлер ҳәм мәҳәллелердиң турмыслық хызмет көрсетиў орайларында қурылыс, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў жумыслары әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Усы жойбардың даўамы сыпатында Қарақалпақстанда келеси жылы республикалық әҳмийеттеги автомобиль жолларында жайласқан авариялық жағдайындағы көпирлерди реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары ушын “Саудия раўажланыў фонды” жойбары тәрепинен қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылмақта.

Усы қаржылардың есабынан Тахтакөпир, Қараөзек, Әмиўдәрья, Қанлыкөл, Бозатаў ҳәм Нөкис районларында жайласқан жәми 19 көпирде реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары алып барылады.

Күн тәртибиндеги бул мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилип, қурылыс жумыслары алып барылатуғын көпирлердиң дизими тастыйықланды.

Сессия мәжилисинде Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарлары тастыйықланды.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги