Ирианның «ҳаял-қызлар самолёты» биринши мәрте пәрўаз етти

304

«Иран Бану» рейсиниң самолёты Машҳад қаласындағы Шаҳид Ҳошиминажод халықаралық аэропортына табыслы келип қонды, деп хабар берди IRNA агентлиги.

Итибарлы тәрепи, самолёт жолаўшылары ҳәм экипажы тек ғана ҳаял-қызлардан ибарат ети.

Ҳаўа кемесин иранлы биринши ҳаял-қыз ушыўшы  Шаҳрзод Шамс басқарды. Самолёт бортында 110 иранлы ҳаял-қыз болған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги