Өзбекстан Президенти Әзербайжан Президентине кеўил билдирди
1075

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-декабрь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиевке Ақтаў қаласы жақынында жолаўшы самолёты апатшылығы ақыбетинде көплеген инсанлар қайтыс болғаны мүнәсибети менен терең кеўил билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан жетекшиси арқалы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдирди, жәбирленгенлердиң бәршеси тез пурсатта саўалып кетиўин тиледи.
ӨзА